2022-жыл 22-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдурахмонов, усы министрлик жанындағы Инновациялар миллий офиси баслығы О.А.Тўйчиев, министрликтиң Қарақалпақстан Республикасы инновациялық раўажланыў аймақлық басқармасы баслығы Н.С.Каюпов, министрликтиң жуўапкер хызметкерлери қатнасыўында министрдиң көшпели қабыллаўы өткерилди.

Көшпели қабыллаў жыйналысын университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Р.Турдымамбетов ашып берди. Көшпели қабыллаў жыйналысында Қарақалпақстан регионының барлық жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий изертлеў мекемелериниң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректорлары ҳәмде директор орынбасарлары, усы билимлендириў ҳәм илимий мекемелерде орынланып атырған илимий изертлеў жойбарларының қатнасыўшылары, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрилиги жанында жаңадан дүзилген Қарақалпақстан Республикасы Илимий-техникалық кеңеси ағзалары, жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий изертлеў мекемелериниң профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий хызметкерлери, жас илимпазлар, таяныш докторантлар, докторантлар, өз бетинше излениўшилер, стажёр-излениўшилер, өзлериниң стартап жойбарлары ҳәм идеялары менен белсенди болған зийрек студентлер ҳәмде магистрлер, исбилерменлик шөлкемлери, кең жәмийетшилик, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.

Көшпели қабыллаў жыйналысы дәслеп Инновациялық раўажланыў министри И.Ю.Абдурахмонов тәрепинен бүгинги күнде мәмлекетимизде илим-пән ҳәм инновация тараўында алып барылып атырған реформалар, ҳәзирги күнде тараў алдында турған актуал ўазыйпалар, бул буғдара алымлар, излениўшилер, әсиресе, Қарақалпақстан регионындағы жас илимпазлар ҳәм зийрек жаслардың белсене қатнасыўы бойынша кең мазмунда пикирлер билдирилди.

Буннан соң көшпели қабыллаўдың тийкарғы бөлеги басланып, министр тәрепинен жыйналыс қатнасыўшылары менен өз-ара, туўрыдан-туўры пикирлесиў болып өтти. Солар қатарында, ҳәзирги күнде илим-пән ҳәм инновация саласында актуал мәселелер, алымлар ҳәм изертлеўшилердиң өзлерин қызықтырған сораўлары ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалалар, соның ишинде, илимий изертлеў (әмелий, инновациялық стартап) жойбарларды таярлаў, рәсмийлестириў ҳәм таңлаўға усыныўға байланыслы машқалалар, жас илимпазлар, изертлеўшилер, таянч докторантлар, докторантлар тәрепинен илимий изертлеў жумысларын республика ҳәмде сырт еллердиң жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий изертлеў мекемелеринде әмелге асырыўда илимий стажировкаларды шөлкемлестириў, изертлеў жумысларын алып барыўда илимий лабораториялардың зәрүрлиги ҳәм басқа сол сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша сораў-жуўаплар, усыныс ҳәм пикирлер билдирилди.



Көшпели қабыллаў жыйналысы соңында министр И.Ю.Абдурахмановтың жеке өзи тәрепинен бир қатар Қарақалпақстан зийрек жасларына, сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университети зийрек студентлери саналған “Химиялық технология” қәнигелигиниң 1-басқыш магистранты Оспанов Темур ҳәмде “Нефть ҳәм газ кәнлерин иске түсириў ҳәм олардан пайдаланыў” қәнигелиги 1-басқыш магистранты Қудайбергенова Шахнозаларға илимий ҳәм инновация тараўында өзиниң басламасы ҳәм нәтийжели искерлиги ушын “Келажак инноватори” сертификатлары салтанатлы түрди тапсырылды.
Көшпели қабыллаў жыйналысы жоқары шөлкемлескенлик ҳәм көтериңки руўхта өткерилди.
ҚМУ Баспасөз хызмети