Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов «Медиа орай» жумысы менен жақыннан танысыў ушын Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетине барды. Ректор басшылығындағы исши топар орайда жаратылған имканиятларды көзден кеширди. Бул жерде таярланып атырған көрсетиў, еситтириўлер анализленди. Соң орайда әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар бойынша өз-ара сәўбетлести.

– Орай медиа өнимлерди ислеп шығарыўда локаматив болыўы лазым,- деди ректор өз сөзинде. – Бул жерде жақсы көрсетиўлер, еситтириўлер таярланыўы тийис. Студентлерге де теориялық билимлерин әмелде сынап көрип, өзлери таярлаған материалларды жергиликли теле-радио каналларға, университетимиз веб-сайтына усыныў имканияты жаратылып атыр. Сол ушын көзлери жанған ҳәр бир студент бул студия, орайдан толық пайдаланыўы лазым. Бул жер студентлердиң орайы болыўы ушын шөлкемлестирилген.

Медиа орайда сүўретлерди алыў, монтаж столлары, радио узатқышлар, аспа «кран» ҳәм онлайн «доска»лар бар болып, студия бир ўақыттың өзинде бир неше медиа материалларды жарата алыў қуўатына ийе.
Ректор басшылығындағы исши топар орайдың келешектеги жумыслары бойынша тапсырмалар берди, студентлерге әўмет тиледи.




