Сынаў тәризинде халықты дизимге алыўды өткериў процесслеринде төмендеги машқалалар жүзеге келди:
-сынаў тәризинде халықты дизимге алыў мәселелери бойынша ғалаба хабар қуралларында, расмий веб сайтларда, социал тармақларда ҳәмде мәҳәллелерде үгит-нәсият жумыслары шөлкемлестирилген болыўына қарамастан, халық дизимге алыў илажы ҳаққында толық мағлыўматқа ийе емеслиги:
-дизимге алыў сораўнамаларындағы айрым сораўларға (турақ жай майданы, узақ мүддет пайдаланылатуғын қураллар барлығы, қанша дәрамад алыўы, спорт пенен шуғылланыўы ҳ.т.б.) жуўап бериўден бастартқаны
-дизимге алыў дәўринде 87 хожалық дизимге алыўда қатнасыўдан бас тартқан, сондай-ақ, 2922 хожалықларға дизимге алыўшы қәнийгелер тәрепинен үш мәртеден артық барылған болсада қапыны хешким ашпаған. Бул хожалықларда жасаўшы шахслар туўрысындағы мағлыўматлар, мәҳәлле органларында бар мағлыўмалар тийкарында дизимге алынды.
-аймақлық ҳәкимият тәрепинен дизимге алыў участкаларына белгиленген талапларға сай ханалар өз ўақтында ажратылмағанлығы ҳәм қәнийгелер зәрүр транспорт пенен тәмийнленбегени.
Дизимге алыў мүддетиниң қысқалығы (12 күн) себепли айрым дизимге алыў участкаларында дизимге алыў жумысларының өз ўақтында тамамланыўында қыйыншылықлар пайда болды.
Аббаз Абдиганиев
Қарақалпақстан Республикасы
Статистика басқармасы Дизимге алыў жумысларын
шөлкемлестириў ҳәм өткериў бөлими бас қәнийгеси