«Ғалаба хабар қураллары, интернет тармақларының жаслар тәрбиясына тәсири» атамасында дебат ушырасыўы

Юридика факультети “Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық  тәлими» қәнийгелиги 1-курс студентлери арасында «Ғалаба хабар қураллары, интернет тармақларының жаслар тәрбиясына тәсири» атамасында дебат ушырасыўы өткерилди.

Дебатта қәнийгеликтиң 4-курс студенти  Қурбаниязов Алпамыс модераторлық қылып, дебаттың регламентлер тийкарында алып барылыўын тәмийнледи. Қалаберсе, кафедра оқытыўшылары Н.Сейдабуллаева, Г.Алимбетова ҳәм де тьютор Б.Есмурзаев  қатнасып, көзге тасланған қәте кемшиликлер бойынша  тоқталып өтип,  қосымша тәризде өз  усынысларын айтып өтти ҳәм  дебатқа толық  анализ жасады. Студентлер дебат даўамында өз пикирлерин толық қорғаўға ҳәм белсенди қатнасыўға ҳәрекет етти. Дебат соңында бундай ушырасыўлар көбирек өткерилиўи керек екенлиги сөз етилип, студентлердиң өз үстинде және де терең излениўи мақсетке муўапық екенлиги айтылды. Студентлер  бүгинги дебаттан алған тәсирлери, көнликпелери ҳаққында пикир алмасты ҳәм кейинги ушырасыў кешелеринде және де  белсенди қатнасыўға  таяр екенлигин айтып өтти.   

 

Сейдабуллаева Н.Т.- «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасы оқытыўшысы

Пайдалы дереклер