Ерте турмыс қурыўдыӊ алдын алыӯ барысында түсиник жумыслары алып барылды

Шет тиллери факультетинде студент жаслар арасында «Ерте неке, ерте туўыўшылық ҳәм ажырасыӯлардыӊ кемейиўине ерисиў» атамасында ушырасыў өткерилди. Ушырасыўда Нөкис районлар аралық пуқаралық ислери бойынша суды баслығы Н.Абдихакимов, Нөкис районлар аралық пуқаралық ислери бойынша суды судьялары М.Адилова, М.Дауменовалар сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 63-статьясында шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны екенлиги, ал неке тәреплердиң ықтыярый разылығы ҳәм тең ҳуқықлығына  тийкарланатуғынлығы атап өтилгенин, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 15-статьясына муўапық шаңарақ қурыў ушын неке жасы 18 жас деп белгиленген. Бирақ тилекке қарсы елимизде жаслар арасында ерте турмыс қурыў, ерте неке дүзиў жағдайлары, ерте туўыўшылық жағдайлары ушырасып атырғанлығын, буның нәтийжесинде жас шаңарақтағы ерли-зайыплылар ортасында пайда болып атырған келиспеўшиликлер, олардың унамсыз ақыбетлери, ҳақкында да айтып өтти. Ушырасыў сораў-жуўап көринисинде даӯам етти. Ушырасыӯ қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўапларын алды.

 

 

Шет тиллери факультети жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары Т.Кулниязов

Пайдалы дереклер