«Саўда санаат палатасы» басқармасында Экономика факультети студент жаслар ҳәм исбилерменлер менен ушырасыў шөлкемлестирилди

Қарақалпақстан Республикасы «Саўда санаат палатасы» басқармасы мәжилислер залында исбилерменлер ҳәм Экономика факультети студент жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

 Ушырасыўға Экономика факультетиниң 2г-«Экономика»  топары студентлери,  Саўда  санаат  палатасы  Қарақалпақстан Республикасы  бѳлими басқарма баслығыныӊ орынбасары А.Сейтахов, Қарақалпақстан Республикасы Өнермент бирлеспесиниӊ бѳлим баслығы З.Султамуратова, Раўаж-Нѳкис бизнес тренинг орайы баслығы А.Нурманбетов, жасларды исбилерменликке оқытыў бойынша қәнийге Ҳ.Сеилбековалар қатнасты. Ушырасыўдан мақсет, студент жасларды елимизде исбилерменликти раўажландырыўда қоллап-қуўатлаўшы мекемелер жумыслары менен жақыннан таныстырыў, елимизде исбилерменлик орталығын еле де кеңейтиў, исбилерменлер санын асырыў, олар ушын қолайлы бизнес орталығын қәлиплестириў ҳәм жаратылған имканиятлардан пайдаланыў жол-жобаларын аңлатыў, сондай-ақ, ҳуқықый билимлер бериўден ибарат. Ушырасыў барысында, студентлер мүрәжатларының басым бөлеги жеңиллетилген кредит ҳәм жеке исбилерменлигин баслаў мәселесинде болды. Бул бойынша қәнийгелер кең түрде түсиник берип өтти. Усы шеңберде студент жаслар өзлерин кызықтырған басқа да сораўларына тараў қәнигелеринен тийисли жуўаплар алды.

Ушырасыў нәтийжесинде студентлеримиздиӊ теориялық билими әмилий сабақ пенен беккемленди.

Экономика факультети декан орынбасары:                     А.Закимов

Пайдалы дереклер