Дәрилик ѳсимликлерди жетистириўши ҳәм қайта ислеўши кәрханасы хызметкерлери қатнасыӯындағы сәӯбетлесиӯ

               Биология факультети «Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы» кафедрасы профессор оқытыўшылары «Қарақалпақстан Республикасында боян ҳәм басқа дәрилик ѳсимликлерди жетистириўши ҳәм қайта ислеўши кәрханалары ассосациясы» ағзалары менен дөӊгелек стол әтирапында сәўбетлесиў болып өтти. Ушырасыўға усы кафедраның  1-2-курс студентлери ҳәмде 1-курс магистрантлар белсенди  қатнасты.

 Ушырасыўдан  мақсет студентлерди усы тараўда алып барылып атырған жумыс ҳәм жаңалықлар менен таныстырыў. Ушырасыўда  «Қарақалпақстан Республикасында боян ҳәм басқа дәрилик ѳсимликлерди жетистириўши ҳәм қайта ислеўши кәрханалары ассосациясы»  баслығы Мурат Гаипов, ассосация баслығы орынбасары Рашид Қалмуратовлар қатнасып, баҳалы пикирлерин билдирип өтти.

Пайдалы дереклер