Ҳаял-қызлардың ҳуқықый саўатлылығын асырыў бағдарында

Юридика факультети ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшиси Г.Пирниязова, Қарақалпақстан Республикасы Суды пуқаралық ислер бойынша судлаў коллегиясы судьясы С. Кайпназарова, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды судьясы Р.Худайбергенова ҳәм студент-қызлар менен биргеликте бир неше мәселелер бойынша ушырасыў өткерилди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-март күнги ПФ-81-санлы ҳәм 2022-жыл 7-март күнги 87-санлы Пәрманлардың мазмун ҳәм әҳмийетин түсиндириў, суд системасында гендер теңлиги мәселесиниң тәмийинлениўи, ҳаял-қызлардың ҳуқықый саўатлылығын еле де асырыў мақсетинде нызамларға киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар менен таныстырыў, сондай-ақ келешекте судьялық лаўазымға  тайынланыўы ушын керекли мәсләҳәтлерин берип өтти. Ушырасыў соңында қызықтырған сораўларға жуўаплар берилди.

Пайдалы дереклер