Мойнақтыӊ «Шағырлы» аўылына университетимиз студентлериниӊ еккен бағы арадан жыллар өтип өз жемисин берсе, демек..

 Алдын хабар бергенимиздей, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў мақсетинде 2022-жылдың 11-март сәнесинен баслап Қарақалпақ мəмлекетлик университети Биология факультетиниң пидайы ҳәм белсенди студент жаслары  Мойнақ районына илимий-әмелий экспедициясын баслаған еди. Соны айтып ѳтиў керек, бул саўаплы иске Ташкент қаласынан келген Ѳзбекстан миллий университети студентлери де белсенди қатнаспақта.

Дәслеп студентлеримиз 12-14-март күнлери Мойнақ районы «Шағырлы» аўылы аймағында жайласқан университеттиӊ оқыў-тәжирийбе майданшасындағы бағды жабайы отақ шѳплерден тазалап, соӊ салма ҳәм нәл араларын тегислеп қайта егиске таярлады. Әттеӊ, ѳткен жылдағы суўсызлық бул жас бағды ҳалдан тайдырған еди.

13-март күни Ѳзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети баслығы Нарзулло Обламурадов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети баслығы Абдирахман Сапаровлар бағқа келип студентлердиӊ жағдайынан хабар алып, ҳарымасын айтты. Әлбетте, бул студентлердиӊ күшине-күш қосып, “Ана-Ўатан” – “Ана-Тәбият”қа деген муҳаббатын жәнеде арттырды.

15-16-март күнлери студентлер бағдыӊ ишинде қуўраған нәллердиӊ орнына жаӊа нәллерди егип, тѳгин берди. Атап айтқанда, алма, алмурт, қәрели, ерик хәм жийде нәллерин егип, оларға суў қуйды, бағдыӊ араларын трактор менен сүрдирип, тырмалады. Солай етип, 4 оқытыўшы ҳәм 32 студент қатнасындағы бағ ишиндеги жумыслар ѳз жуўмағына жетти.

Күнниӊ екинши ярымында студентелер Мойнақ районы орайы ишиндеги музейди ҳәм қала сыртында жайласқан “Корабллер қойымшылығы”на саяхат етти, Арал теӊизиниӊ ѳтмишине нәзер салды. Саяхат мийманханада концерт ҳәм ойын заўық кешеси менен жалғасып кетти. Студентлер руўхый заўық алып дем алды.

Соныӊ менен Қарақалпақ мəмлекетлик университети Биология факультетиниң пидайы ҳәм белсенди талаба жасларыныӊ Мойнақ районында болған илимий-әмелий экспедициясы жуўмақланды.

Ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған “Жақсыдан бағ қалады” деген гәп бар. Арадан жыллар ѳтип бул бағдыӊ мийўесинен татып кѳрген адамлар: «…бул Қарақалпақ мəмлекетлик университети, Биология факультети студентлериниӊ еккен бағы» деп мақтаныш пенен тилге алса – биз ѳзимизди мақсетимизге ерискен, бахытлы жаслар деп санаймыз.

 

 Якуб Аметов

Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Биология факультети деканы,

биология илимлери докторы

Пайдалы дереклер