Юридика факультети ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан мәсләҳәтшиси Г.Пирниязованың басшылығында Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары З.Бабаджанова, Г.Ешназарова ҳәм Л.Отегеновалар менен биргеликте студент-кызлар менен сәўбетлесиў өткерилди. Сәўбет даўамында жас қызлар арасында ҳуқық бузарлықтың алдын алыў, тәртип-интизамды сақлаў, кәсипке деген қызығыўшылықты оятыў, судьялық лаўазымына бағдарлаў, келешекте керекли инсан, әдиўли ана ҳәм өмирлик жолдас болыўлары ушын пайдалы мәсләҳәтлерин берип өтти. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта гендер теңлик мәселесиниң актуаллылығы, оған қарата мәмлекет тәрепинен исленип атырған илажлар ҳаққында тоқталып өтти. Соның менен биргеликте «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетиниң жумысынын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент қарарының мазмун-мәниси бойынша мағлыўматлар берилди. Иләж соңында сораўларға толығы менен жуўаплар алынды.


