Россия Федерациясының Казань Федераль университети менен бирге ислесиӯлер даӯам етеди

 

       Бүгин, 4-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов ҳәм Казань Федераль университетиниӊ Набережночелнинск институты (филиал) директоры, профессор Ганиев Махмуд Масхудович қатнасында өз-ара бирге ислесиӯ мәселелери бойынша пикир алысыӯ болып өтти.

     Ушырасыӯда илимий изертлеӯ, билимлендириӯ тараӯындағы Қоспа тәлим бағдарламасын дүзиӯ ҳәм студентлер менен профессор-оқытыӯшылардыӊ академиялық алмасыӯы бойынша бирге ислесиӯ ҳаққындағы Меморандумға қол қойысты.

        Ушырасыӯ барысында усы еки оқыӯ орны арасында 2018-жылы дүзилген Меморандум бойынша илимий изертлеӯ, билимлендириӯ тараӯындағы Қоспа тәлим бағдарламасы ҳәм студентлер менен профессор-оқытыӯшылардыӊ академиялық алмасыӯы бойынша өз-ара пикир алысып, келешекте бул бағдардағы жумысларды және де даӯам етиӯ мақсетинде жаӊадан дүзилген Меморандумға қол қойысты.

 

 

          Сөйлесиӯлер барысында еки оқыӯ орны ортасында дүзилген Меморандумды әмелге асырыӯ ушын зәрүр болған ис-илажлар белгилеп алынды.

 

        Мағлыӯмат ушын: Россия Федерациясының Казань Федераль университети дүнья жүзлик университетлериниӊ рейтингинде ТОП-1000лықтан, ал Россияныӊ еӊ жетекши 20 университети қатарынан орын алған. Тийкарынан бул оқыӯ орны машина қурылысы, автомобиль қурылысы, инженерлик-технология ҳәм тағы басқа да тараӯлар бойынша қәнигелер таярлап бериӯде Россияныӊ еӊ жетекши университети есапланады.

     Казань Федераль университети тийкарынан 16 институт ҳәм университетлерден ибарат. Еӊ тийкарғы институтлардан ибарат болған Казань Федераль университетиниӊ Набережночелнинск институты (филиал) директоры, профессор Ганиев Махмуд Масхудович ҳәм усы институт директорыныӊ орынбасары Умаров Марат Файзуллаевич университет ректоры менен болған сәӯбетлесиӯден соӊ  Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор оқытыӯшылары менен де ушырасыӯды мақсет етти.

 

 

   Күнниӊ екинши ярымында Казань Федераль университетиниӊ Набережночелнинск институты (филиал) директоры, профессор Ганиев Махмуд Масхудович Казань Федераль университети сондай-ақ, Набережночелнинск институты (филиал)  турмысы ҳаққында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ факультет деканлары ҳәм кафедра баслықларына кеӊ түрде мағлыӯматлар берип, өзиниӊ презентация жумыслары менен таныстырып өтти.

       Университет профессор оқытыӯшылары өзлериниӊ қызықтырған сораӯларына жуӯаплар алды.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер