2022-жылы 28-март күни Қарақалпақстан Республикасы Саўда-санаат палатасы залында Германия жәмийетиниң халықаралық бирге ислесиў (GIZ) шѳлкеминиң ECO-ARAL Регионаллық жойбары бағдарламасы менен семинар тренинг ѳткерилди. Семинарда Германиядан туризм бойынша экспертлер Др. Никол Хойслер ҳәм саяхатшы-жазыўшы Мартин Петрич презентациялары менен қатнасты. Сондай-ақ, Республикада айрықша корғалатуғын зоналардан, Ѳзбекстан Республикасы тоғай хожалығы министрлиги, Туризмди раўажландырыў институтынан қәнийгелер, гид-экскурсоводлар, журналистлер қатнасты.

Семинарда Қазақстан Республикасы Устюрт қорықханасы қәнийгелери де қатнасты. Семинар тренинг даўамында тренерлер ҳәм қәнигелер Қарақалпақстан Республикасында экотуризмди раўажландырыў бойынша пикирлер алысты. Семинар-тренинг дала әмелияты сыпатында Арал теңизине саяхат пенен даўам етти.
Семинарда «Экотуризмди раўажландырыўда туристлик объектлер әтирапында жасаўшы халықты бириктириў» атамасында презентация менен қатнастым.


Атабек Алимов,
ҚМУ Экономика кафедрасы доценти