Студентлер турар үйиндеги ушырасыўда әҳмийетли мәселелер сөз етилди

      Университет студентлер турар үйинде болып өткен ушырасыўда тәрбиялық бағдардағы әдеп-икрамлық мәселелери сөз етилди.

 

      Ушырасыўда университет ректорыныӊ Жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Т.Айтмуратов, университет проректоры С.Алауатдинов ҳәм 3-санлы ИИБ инспекторы И.Ережеповлардыӊ қатнасында студентлерге тәрбиялық мәселелерде әдеп-икрамлық, ишки тәртип қағыйдалар ҳәм ҳәр қыйлы инсан санасына тәсир етиўши жаман иллетлерге қарсы гүресиў бойынша түсиник жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, ушырасыў даўамында студентлердиң  машқалалары тыңланды. Қалаберсе, педагог-тәрбияшылардың жумыс искерлигине ҳәм тьюторлардың алдындағы ўазыйпаларына тоқтап ѳтилди.

      Атап айтқанда, ҳәр бир студент пенен тиккелей ислесиў кереклиги, олардың психологиялық ҳәм социаллық жағдайларын турақлы үйренип барыў, жаслардың ҳәр қыйлы турмыслық жағдайларын үйренген ҳалда, алдыннан хабардар болыў, олардың турмысында машқалалар туўылатуғын болса ѳз ўақтында әмелий жәрдемлер кѳрсетиў бойынша бирге ислесиў ўазыйпалары келисип алынды.

 

  Ушырасыўда студентлер турар үйи басшылары, педагог-тәрбияшылар, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Пайдалы дереклер