“Халықаралық қуслар күни” Ашшы кѳлде даўам етти

 

 

      1-апрельде күнниӊ 2-ярымында Қарақалпақ мәмлекетлик университети Otus-студентлер орнитологиялық клубы ағзалары ҳәм Биология факультети студентлери менен биргеликте Ашшы көл көлине орнитологиялық экспедиция шөлкемлестирилди.

      Экспедиция даўамында көлде 25 түрге тийисли 656 қуслар бақланды. Олардыӊ ишинде еӊ кѳп санда ушырасқан қусларға қасқалдақ Fulica atra ҳәм алмабас үйректи Netta rufina киргизсек болады. Соны айырықша атап өтиўимиз керек, бақлаў даўамында көлде Өзбекстан Республикасыныӊ “Қызыл китабы”на киргизилген 1 дана Аққуў Cygnus olor ҳәм Халықаралық тәбиятты корғаў аўқамыныӊ (ХТҚА) Қызыл дизимине киргизилген 91 дана балықшы үйрек Oxyura leucocephala дизимге алынды.

    Республика масштабында өткерилген бул илаж үлкен әҳмийетке ийе болып, оның тийкарғы мақсети – халықтың тәбият ҳәм қуслар ҳаққында билимин асырыў, қуслардың жасаў орнын қорғаў,  пүткил дүньяда жабайы тәбиятты сақлап қалыў машқалаларына адамлардың дыққатын қаратыў ҳәмде қуслар мысалында тәбияттың пүткил биологиялық көптүрлилигин әўладларымызға жабайы ҳалында жеткерип бериў болып табылады.

 

 

 

Исламбек Арепбаев

Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы докторанты,

«Otus-студентлер орнитологиялық клубы» баслығы, PhD

Пайдалы дереклер