«OTUS-студентлер орнитологиялық клубы» мектеплерде

 

 

     Бәршемизге белгили апрель айыныӊ дәслепки күнлери елимизде “1-апрель Халықаралық қуслар күни” ѳткериледи. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ Биология факультетинде ашылған «OTUS-студентлер орнитологиялық клубы» баслығы, PhD Исламбек Арепбаев ҳәмде клуб ағзалары басшылығында 30-март сәнесинен баслап 2-апрель сәнесине шекем Республикамыздыӊ Нөкис,  Шымбай,  Кегейли,  Хожели, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Қоңырат районларында жайласқан орта билим бериў мектеплеринде «Қуслар-бәҳәр елшиси» атамасындағы байрам кешелери шөлкемлестирилди. Бул илаж сондай-ақ, Нөкис қаласы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы  1-санлы академиялық лицейде ҳәм Тахыятас қаласында жайласқан 4-санлы мектепте де көтериӊки руӯхта өткерилди.

 

 

       Ушырасыўда «OTUS-студентлер орнитологиялық клубы» ағзалары мектеп оқыўшыларына Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген қус түрлери, «Spring Alive» бағдарламасы, қуслардың тәбияттағы әҳмийети, оларды қандай жоллар менен қорғаў кереклиги ҳәмде өзлери оқып атырған мектеплер әтирапында ушырасатуғын қусларға  уялардың қандай ислениўи ҳәм оларды тереклерге орнатылыўы ҳаққында өзлериниң баянатларында таныстырды.

    Сондай-ақ, «OTUS-студентлер орнитологиялық клубы» ағзалары тәрепинен оқыўшыларға клуб тарийхы, мақсет-ўазыйпалары ҳәм Өзбекстан қусларын қорғаў жәмийетиниң 2021-2022-жыл қусы есапланған, Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген Қарақус Aquila nipalensis хаққында кеӊ түрде түсиник берип ѳтти.  Кеше соӊында «Spring Alive» бағдарламасында көрсетилген қусларға байланыслы исленген ойынлар балалардың қусларға болған қызығыўшылығын жәнеде арттырды.

 

 

      Интерактив ойынларда жеңимпаз болған оқыўшыларға «OTUS-студентлер орнитологиялық клубы» тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды. Кеше жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы ѳтти.

 

 

Исламбек Арепбаев,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы докторанты,

«OTUS-студентлер орнитологиялық клубы» баслығы, PhD

 

Пайдалы дереклер