Алым болыў ушын не ислеўим керек?

 

 

Бир өспирим жигит алымның алдына келип сорады:

– Устаз, сиздей данышпан алым болыў ушын не ислеўим керек?

          Данышпан жуўап бермеди. Өспирим оның изинен бир неше күн тоқтаўсыз қалмай жүрди, сораўын тәкирарлай берди. Алым тек оған «изимнен жүр!» деген ишара бери де, дәрья таманға баслап барды. Суўға түсирди. Сол мәҳәл данышпан өспиримниң желкесинен қатты услап турып, суўға мантықтырды. Бала бийшара қутылыўға мың ширенбесин, қутыла алмады. Аз ўақыт өткеннен соң, алым оны жиберди. Өспирим өкпесин толтырып-толтырып дем алды ҳәм бираздан соң өзине келди.

Сонда устаз сорады:

– Балам, суўда мантығып турған пайтыңда ең көп әрманлаған нәрсең не болды?

– Ҳаўа! Тек ғана ҳаўадан дем алыўды қәледим! – деди өспирим ҳеш екиленбей.

Оның орнына байлық па, кеўил көтериў ме, күш-қүдирет ямаса муҳаббат па қәлемедиң бе? – деп сорады данышпан.

– Ҳаслан ондай емес. Демим қысып, буўлығып қалдым, тек ғана ҳаўадан дем алыўды қәледим болғаны, – деди өспирим асығып-үсигип.

– Алым болыў ушын боталағым, – деп сөзин даўам етти устаз, – тап сондай қәлеў керек. Сен басқа мақсетлерди шетке ысырып, тек сол жолда ҳәрекет етиўиң керек. Бул мақсет кеше-күндиз қыялыңды бәнт етиўи зәрүр. Егер алымлыққа сондай ғайрат пенен умтылатуғын болсаң, нийетиңе әлбетте жетисесең.

 

 «Ҳикметлер ғәзийнеси»нен

Пайдалы дереклер