
Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика кафедрасы билимлендириў системасына халықаралық стандартларды алып кириў ушын өз ара бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырмақта. Туркияның Эге университети Коммуникация факультети ҳәм Журналистика кафедрасы қатнасында онлайн сәўбет шөлкемлестирилди. Бул чат еки университеттиң бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамасы тийкарында әмелге асырылды. Онда тәреплер биргеликте ислесиў шәртлери менен танысты. Бакалавриат студентлери ушын мобил бағдарлама, қос диплом бериў, оқытыўшылардың алмасып оқытыўын жолға қойыўды келисти. Магистратура басқышы ушын грантлар ажыратыў усынысы ортаға тасланды.

Онлайн сәўбетте факультет деканы Қонақбай Турдыбаев илимий диссертацияларды орынлаў ҳәм оған оппонентлерди бекитиў усынысын ортаға таслады. Эге университетети админстрациясы бул пикирди қоллап-қуўатлады.
– Онлайн чат күн тәртибинде илимий конференцияларды бирге өткериў мәселеси де бар еди. Тәреплер конференцияның шөлкемлестириў жумысларын сөйлести. Келеси оқыў жылында усы илисий илажды өткериўди режелестирдик. Бул бирге ислесиўден үмитимиз көп, – дейди Журналистика кафедрасы баслығы Дәўлетбай Бекбаўлиев.
Сәўбет жуўмағында анық режелер кестеси тастыйықланды. Халықаралық тәжирийбе алмасыў даўам етеди.


