
Бүгин, 15-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен университет питкериӯши курс студентлериниӊ Мәмлекетлик пуқаралық хызмети искерлиги менен тиккелей танысыӯға бағышланған ушырасыӯ болып өтти.
Ушырасыӯды университет ректоры Ахмед Реймов кирис сөзи менен ашып берди.
-Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл, 3-октябрьдеги “Өзбекстан Республикасында кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекетлик пукаралық хызмети системасын түптен жетилистириӯ ис-илажлары ҳаққында”ғы ПФ-5843-санлы Пәрманы талапларында белгиленген ӯазыйпаларды орынлаӯ мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен республикамызда алып барылып атырған жаслар сиясаты, Президентимиз тәрепинен шығарылып атырған пәрман ҳәм қарарлардың орынланыӯы, талантлы ҳәм қәбилетли жасларды ҳәм ҳаял-қызларды мәмлекектлик хызметине кеңнен тартыӯ мәселелерине итибар қаратылып, ийгиликли ислер әмелге асырылып атырған болса, буның бир көриниси бүгинги шөлкемлестирилип атырған питкериӯши курс студентлериниӊ Мәмлекетлик пуқаралық хызмети искерлиги менен тиккелей танысыӯға бағышланған семинардыӊ әҳмийетин жоқары баҳалаймыз,- деп атап өтти университет ректоры.

Өзбекстан Республикасы Президенти қасындағы Мәмлекетлик хызметин раӯажландырыӯ агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы С.Данияров сөзге шығып, тийкарғы мәселелер әтирапында тоқтап өтти.
Ушырасыӯда агентлик бас инспекторы К.Сейтниязов студент жасларға агентлик хызметлери ҳәм ӯазыйпалары соныӊ менен бирге «Келешек лидерлары» клубы ҳаққында мағлыӯмат берип өтти.
Сондай-ақ, студентлердиӊ агентлик хызметлерине байланыслы қызықтырған сораӯларына жуӯаплар алынып, келешекте турақлы түрде усындай форматтағы семинарлардыӊ өткерилип барылыӯы бойынша усыныслар билдирилди.


Гулжахан ТАЖАДИНОВА,
Журналист