Үш әўлад ушырасыўындағы қуўанышлы сезимлер

          Кексе әўлад ўәкиллериниң бай турмыслық тәжирийбеси ҳәмме дәўирде де жаслар ушын бийбаҳа ибрат мектеби, олардың пәндиў-нәсиятлары зия нурын таратқан. Ҳақыйқатында да бул турмыслық шынлығы пайтахтымыз Нөкис қаласында усы жылдыӊ 14-апрель күни болып өткен үш әўлад ўәкиллериниң ушырасыўында өз көринисин тапты.  Бул сапарғы Рамазан айындағы ушырасыў бурынғыларынан өзгеше ҳәм қуўанышлы сезимлерге бай болды.

          Нөкис қаласының орайында жайласқан «Алтын сарай» рестораны әтирапы ҳәр қашанғыдан өзгеше шырайға енген.  Бул жерге тигилген қара үйлер қонақларды карсы алыўға қушақ ашқан халықтың миймандослығы менен аўызбиршилигин көрсетип береди. Узақтан көзге тасланып турған сол қара үйдиң безелиўи жүдә өзгеше болып, онда елимиздеги дөретиўшилик ҳәм жаңаланыўлардың келбети жәмленген сыяқлы. Бул айырықша безелген қара үй университет жәмәәти тәрепинен таярланған болып, үш әўлад ўәкиллериниң пайызлы ушырасыўлары ушын ислеген қалыс хызметлери еди. 

          Илажға Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм Нураныйларды қоллап-қуӯатлаӯ министри Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Қ.Камалов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

 

          Ушырасыўға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймовтың басшылығында университет жәмәәти белсене қатнасты. Әсиресе, өзиниӊ өмир жолы менен турмыслық тәжирийбеси көпке үлги нураный устаз профессор-оқытыӯшылар менен оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда  белсенди болған студент жасларымыздың бул жерге мирәт етилиўи олардың өмириндеги умтылмас мәўритлер болып қалары анық.   

          Ушырасыўға келгенлердиң ҳәр биринде жақсы кейпият сезилип турады. Кимиси әтираптағы көринистен рәҳәтленсе, және кимиси пайтахтымыздағы өзгерислерден, жаңаланыўлардан қайыл қалмақта және бири өз-ара сәўбетлесиў арқалы турмыслық тәжирийбелерин бөлиспекте.

          Әўладлар ушырасыўы Қарақалпақстанның пайтахты Нөкис қаласы менен барлық районларынан мирәт етилген кексеси менен жасы, Өзбекстан Қаҳарманлары, мийнет ветеранлары, студентлер, мектеп оқыўшылары, бир сөз бенен айтқанда, кең жәмийетшилик ўәкиллери ушын сағынышлы дийдарласыў менен қызғын сәўбетлесиў ушын жақсы имканият болды.

 

 

          Инсан қәдири улығланған бүгингидей итибар менен ҳүрмет-иззеттен рәҳәтленип илҳамланған илаж қатнасыўшылары халықлар дослығы, миллетлераралық татыўлық ҳәм бүгингидей абадан күнлерди ең жоқары ҳәўижлерде жырлап, өзиниң кеўил сезимлерин қосықлар арқалы билдирди. Қыз-жигитлер ойынға түсип, тыныш елдиң жарасығы ойын-заўық екенлигин дәлиллеп берген сыяқлы еди.

          Үш әўлад ушырасыўына бағышланған илажлардың дәслепки бөлегинде бул жерге тигилген миллий қара үйлер әтирапына ҳәмме жәм болды. Бул жерде жаңлаған өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен, рус ҳәм басқа да халықлардың миллий жыр ҳәм қосықлары гөззал пайтахтымыздың узақ мәнзиллерине шекем жетип барды. Музыка ырғақлары қызғын сөйлесиўлерге, жақсы тилеклерге уласты. Мәмлекетимиз басшысының алып барып атырған сиясаты себепли Өзбекстандағы барлық миллет ҳәм халықлар ўәкиллери аўызбиршиликли, өз-ара татыўлықта жасап, жанажан Ўатанымыздың раўажланыўы жолында нәтийжели мийнет етип атырғаны, ҳәмме бирдей мәмлекетимиз итибарында болып атырғаны, жасларды, мине, усындай дәстүрлер руўхында камалға келтириў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы екени айрықша айтып өтилди. Шығып сөйлегенлер мәмлекетимизде, атап айтқанда, Қарақалпақстанда кейинги жылларда жүз берген өзгерислер ҳаққында өзиниң пикирлери менен көз-карасын билдирди.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

          Муқаддес Рамазан айында өткерилген үш әўлад ушырасыўы пайызлы сәўбетлесиўлер менен даўам етти.

 

Гулжахан ТАЖАДИНОВА

Журналист.

 

Пайдалы дереклер