Қурылыс факультетинде «Қурылысшы» ҳәм «Инженеринг» клублары басламасы менен «Кәсибим – мақтанышым» атамасында илимий-интеллектуал таңлаў болып өтти. Таңлаўдың мақсети – студент жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың интеллектуал қәбийлетин асырыў, кәсибине қызығыўшылығын арттырыў, архитектура ҳәм қурылыс тараўындағы жаңалықлар менен таныстырып барыў, сондай-ақ, зийрек студентлерди анықлаўдан ибарат.

Таңлаў еки басқышта: I – басқыш 3 – 4 курс студентлери арасында, II – басқыш 1 – 2 курс студентлери арасында өткериў уйғарылды. Таңлаўдың I – басқышы төмендеги шәртлерде 3 – 4 курс студентлери арасында болып өтти.
-
- шәрт «Сәлемнама, Кәсибим менен мақтанаман» бунда қатнасыўшы таңлаған кәсибин тәрийплеп берди.
- шәрт таңлаўға қойылған улги қурылыс материалларына илимий тәрептен түсиниклер берип өтти.
- шәрт берилген таяныш сөзлерге ГЛОССАРИЙ дүзди.
- «Мен билемен» бунда қурылыс аспаб-үскенелерин тәрийплеп берди.
Таңлаўға ҳәр бир топардан бир студенттен индивидуал қатнасып өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин, сондай-ақ зийреклилигин сынап көрди. Таңлаў даўам етпекте.



Б. Ганибаев,
Имаратлар ҳәм иншаатлар қурылысы 1-басқыш магистранты