МАЗМУНЫ МЕНЕН ӘҲМИЙЕТЛИ БОЛҒАН ТАҢЛАЎ

            Қурылыс факультетинде «Қурылысшы» ҳәм «Инженеринг» клублары басламасы менен «Кәсибим – мақтанышым» атамасында илимий-интеллектуал таңлаў болып өтти. Таңлаўдың  мақсети –  студент жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың интеллектуал қәбийлетин асырыў, кәсибине  қызығыўшылығын арттырыў,  архитектура ҳәм қурылыс тараўындағы жаңалықлар менен  таныстырып барыў, сондай-ақ, зийрек  студентлерди анықлаўдан ибарат.

 

           

           Таңлаў еки басқышта:  I – басқыш  3 – 4 курс студентлери арасында, II – басқыш  1 – 2 курс студентлери арасында өткериў уйғарылды. Таңлаўдың   I – басқышы   төмендеги шәртлерде 3 – 4 курс студентлери арасында болып өтти.          

    • шәрт «Сәлемнама, Кәсибим менен мақтанаман»  бунда қатнасыўшы  таңлаған кәсибин тәрийплеп берди.
    • шәрт таңлаўға қойылған  улги қурылыс материалларына  илимий тәрептен түсиниклер  берип өтти.
    • шәрт берилген таяныш сөзлерге ГЛОССАРИЙ  дүзди.
    • «Мен билемен» бунда қурылыс аспаб-үскенелерин  тәрийплеп берди.

Таңлаўға ҳәр бир топардан бир студенттен индивидуал қатнасып өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин, сондай-ақ зийреклилигин сынап көрди. Таңлаў даўам етпекте.

 

 

 

 

 

 

Б. Ганибаев,

Имаратлар ҳәм иншаатлар қурылысы 1-басқыш магистранты

 

                 

Пайдалы дереклер