
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл, 12-август күнги Химия ҳәм Биология бағдарларында үзиликсиз тәлим сапасын ҳәм илим-пән нәтийжелилигин асырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПҚ-4805-санлы қарары ҳәм де Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2021-жыл 8-сентябрь күнги “Улыўма орта арнаўлы билим бериў мектеплери питкериўши класс оқыўшылары арасында Химия ҳәм Биология пән олимпиадасын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққында”ғы 383-санлы буйрығында көрсетилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде улыўма билим бериў мектеплери питкериўши класслары оқыўшылары арасында химия ҳәм биология пән олимпиадасының Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 8-апрель күнги 3-q/q-санлы ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2022-жыл 1-апрель күнги 2-q/q-санлы қоспа қарары басшылығында 2022-жыл 17-апрель күни Химия ҳәм биология пәнинен пән олимпиадасының Университет басқышы ѳткерилди.

Химия ҳәм биология бағдарларында үзликсиз билим сапасы ҳәм илим-пән нәтийжелилигин асырыў, улыўма билим бериў мектеплери питкериўши класлары оқыўшылары арасында кѳп басқышлы ашық олимпиаданың район(қала)лық ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқышындағы оқыўшылардың нәтийжелерин анализ еткен ҳалда Университет басқышына Қарақалпақстан Республикасы улыўма билим бериў мектеплеринен жәми 42 оқыўшы қатнасты.

Химия ҳәм биология пәнинен ѳткерилген пән олимпиадасының Университет басқышында жоқары интеллектуаллық билими менен белсене қатнасқан оқыўшылар жеңимпаз болып, соның менен бирге жақсы нәтийжелер көрсетип қатнасқан оқыўшылар сертификатлар менен сыйлықланды.




