Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 6-ноябрьдеги «Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим-билим тараўларын раўажландырыўдың ис-илажлары ҳаққында» ғы пәрманы билимлендириў тараўындағы кең көлемли реформаларды жаңа басқышқа көтерди. Бул ҳүжжет, әсиресе, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларының бирге ислесиўин раўажландырыў, олар арасында интеграцияны және де беккемлеўде әҳмийетли орын ийелеп келмекте.
Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Функционаллық анализ, алгебра ҳәм геометрия» кафедрасында сәйкес ис-реже ислеп шығылған болып, бүгинги күнде кафедра бирнеше мектеплерди, атап айтқанда, Беруний районының 52-санлы ҳәм 55-санлы мектеплерди өз қәўендерлигине алып, реже тийкарында оларға методикалық ҳәм әмелий жақтан жәрдемлер көрсетип келмекте.
Буннан тысқары Өзбекстан Республикасы Президент билимлендириў Мекемелери агентлиги Нөкис қаласындағы Президент Мектеби атқарыўшы директоры Н.К.Балтабаеваның, университет ректоры А.Реймовқа әмелий жәрдем сорап жоллаған 01-03 08-70 санлы хаты тийкарында, кафедра доценти К.Бегжанова усы жыл 5-8 апрель күнлери аралығында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Математика институты Қарақалпақстан бөлиминде ҳәм Президент Мектебинде «Математикалық статистика» пәни бойынша изертлеў усыллары менен оқытыўшыларды таныстырыў мақсетинде үйрениў-изертлеў әмелиятын шөлкемлестирди. Әмелият даўамында пәнге тийисли болған: Таңланбалар, таңланба орташаларды қолланыў, нормаль бөлистириў, орайлық шек теоремаларын нормал бөлистириўге қолланыў, исенимлилик интерваллары, гипотезаларды қойыў ҳәм оларды тексериў усыллары бойынша кең түсиниклер берди, сондай-ақ, әмелий қолланылыўларын мысаллар жәрдеминде көрсетип берди.
Үйрениў-изертлеў әмелиятына Президент Мектебиниң усы пән бойынша оқытыўшылары Айбек Турсынбеков, AS/A дәрежели Кембридж оқытыўшысы Ричард Мокете ҳәм 11-класс оқыўшылары қатнасты.
Әмелият жуўмағында Президент мектеби жәмәәти көрсетилген әмелий жәрдем ушын өз миннетдаршылықларын билдирип, бирге ислесиўде алға қойылған мақсетлерге толық ерисилгенлигин айрықша атап өтти.
Туўелбай Курбанбаев,
Фукционаллық анализ, алгебра ҳәм геометрия кафедрасы баслығы



