Өзбекстан Республикасы Орайлық банк басламасы менен жасларды финанслық саўатханлығын асырыў, жеке финанслық қәўипсизлигин тәмийнлеў бойынша билимлерин асырыў ҳәмде «Келешегиңизди көриң, пулга ақылана қатнаста болың» ураны астында «Global Money Week» халық аралық билим компаниясының усы жылы март-апрель айларында белгилеў мақсетинде илажлар өткериў режелестирилди.
Жоқарыдағыларды инабатқа алган ҳалда, Қарақалпақстан республикасындағы экономикалық емес жоқары оқыў орынларының студентлери ушын «Финанслық саўатқанлықты биргеликте асырамыз» темасында әмелий тренинглер шөлкемлестирилди. Бул илажга Экономика факультетинен 20 волонтёр студентлер таңлап алынды ҳәмде Қарақалпақстан республикасындағы жоқары оқыў орынларына бириктирип тренинглер өткерилди. Тренингте қатнасқан волонтёр студентлерге Өзбекстан Республикасы Орайлық банк тәрепинен сертификатлар берилди.
Экономика факультети деканы орынбасары Қ.Нурманов




