Тараў қәнигелери университет студентлерин сергек болыўға шақырды

          Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте «Сергеклик дәўир талабы» атамасында тараў қәнигелердиң қатнасыўында студентлер арасында ушырасыў өткерилди.

 

          Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жынаят-қыдырыў басқармасы баслығы орынбасары Н.Абдуллаев, жынаят-қыдырыў хызметкери Р.Тажибаев, Нөкис қалалық 3-санлы Ишки ислер бөлими профилактикалық инспекторы И.Ережепов, Қарақалпақстан Республикасы АИЖС ке қарсы гүресиў орайы эпидемиологиялық врачы Г.Утарова, республикалық қәнигелестирилген норкология илимий әмелий медициналық орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы норколог врачы А.Самарқановалар қатнасты. Ҳуқық қорғаў органларының қәнигелери тәрепинен жаслар арасындағы жүз берип атырған жынайый ҳәрекетлер ҳәм ҳуқық бузарлық ҳалатлары ҳаққында кеңнен мағлыўматлар берилди .

 

          Атап айтқанда, норкотик затларды пайдаланыў, психотроп дәрилерди сатыў, диний экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған илажларға тоқталып өтти. Ең ашынарлысы инсан саламатлығына ҳәм өмирине зыян жеткериўши психотроп дәрилердиң, норкотикалық затлардың сатылыўына ҳәм пайдаланылыўына қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған оператив илажлардың нәтийжесинде қолға түскенлер арасында жаслардың билип-билмей араласып қалыўы ҳәммени сергекликке шақырады. Усындай мазмундағы орган хызметкерлери тәрепинен таярланған видео-ролик студентлердиң нәзерине қойып берилди.

 

 

          Ушырасыўда АИЖС кеселигиниң жуғыў жоллары, оның алдын алыў ҳәрекетлери ҳәм кеселикке қарсы гүресиў бойынша АИЖС ке қарсы гүресиў орайы қәнигелери тәрепинен студентлерге мағлыўматларды жеткерип берди. Сондай-ақ, жаслар арасында нәшебентликтиң ҳәм ишиўшиликтиң алдын алыў бойынша республикалық қәнигелестирилген норкология илимий әмелий медициналық орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы қәнигелери тәрепинен түсиниклер берди.

 

          – Жаслар арасында жаман иллетлерге, инсан өмирине зыян келтириўши кеселликлерге ҳәм ҳәр қыйлы бузғыншы идеяларға қарсы турыўшы психологиялық иммунитетти пайда етиў, ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз дейди – Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бөлими баслығы Қ.Бекназаров.

          Семинарда студент-жаслардың өзлериниң қызықтырған сораўларына тараў қәнигелери тәрепинен жуўаплар алды.

Жаслар менен ислесиў,
руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бөлими

 

Пайдалы дереклер