2022-жыл 23-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында физика-математика илимлериниң докторы, профессор, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери, Өзбекстан Республикасы Илим ҳәм техника тараўындағы Биринши дәрежели Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы В.И. Романовский атындағы Математика институтының директоры ҳәм Өзбекстан Қаҳарманы Шавкат Абдуллаевич Аюпов пенен ушырасыў болып өтти.
Бул ушырасыўға университетимиздиң профессор-оқытыўшылары, зийрек студентлери ҳәм магистрантлары қатнасты.
Ушырасыўды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А. Реймов ашты ҳәм басқарып барды. Университет ректоры өз кирис сөзинде Өзбекстан қаҳарманы Ш.А. Аюповтың мийнет жолына тоқтап өтти. Академик Ш.А. Аюпов елимизде математика илим-пәнине қаратылып атырған үлкен итибар, математика пәниниң жәмийетимизде тутқан әҳмийети ҳәм диярымыз математик алымларының илим-пәнге қосқан салмақлы үлеслерине итибар қаратты. Сондай-ақ, Үшинши Ренессанстың фундаментин жаратыўды ҳәм буның ушын мыңлап талантлы кадрлар, зийрек заманагөй жаслар, пидайы инсанлардың кереклигин атап өтти.
Соңынан университетимиз нураныйлар баслығы проф. Б. Абдикамалов, проф. Қ. Исмайлов ҳәм проф. К. Кудайбергеновлар сөзге шығып, академик Ш.А. Аюповтың Қарақалпақстан Республикасы математика пәниниң илимий потенциалына қосып киятырған үлесине айрықша тоқтап өтти.
Илаж соңында ушырасыў қатнасыўшылары Ш.А. Аюповтың өмир жолы ҳәм тәжирийбесине байланыслы өзлериниң қызықтырған сораўларын берди ҳәм оларға тийисли жуўапларын алды.
Ҳақыйқатында да, студент-жаслар ушын тәрбия мектеби боларлық өмир жолына ийе болған ҳүрметли устазымыз ҳәр биримиз ушын мақтаныш болыўы сөзсиз.
Нуржанов Б. О.
Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы
В. И. Романовский атындағы Математика
институтының Қарақалпақстан бөлиминиң
үлкен илимий хызметкери





