СТУДЕНТ ҚЫЗЛАР ТӘРБИЯСЫНДА ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ ЖАНТАСЫЎ

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған бәрше қайырлы ислер, ең дәслеп шаңарақларды беккемлеў, жас әўладты тәрбиялаў ҳәм олардың жарқын келешегин тәмийинлеў жолында орынланып атыр.

Әсиресе, талаба жаслардың саламат турмыс тәризин қәлиплестириў мәмлекетимиздиң саламат әўладты тәрбиялаў барысындағы сиясатының әҳмийетли бағдарларының бири болғанлығы себепли, жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, ҳәм физикалық, ҳәм руўхый инсанды тәрбиялаў мәселесине үлкен итибар қаратылған.

Атап айтқанда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар Кеңеси басламасы менен Иске мәрҳәмәт МОНО орайының инглиз тилин үйретиў орайы баслығы ҳәм әмелиятшы психолог Дошекенова Мухаббат Тахировна менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Ушырасыўға барлық факультет ҳаял-қызлар мәселелери бойынша декан орынбасарлары ҳәм талаба қызлар қатнасты. Дәслеп ушырасыўды университет ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова ашып берди ҳәм мийман менен ҳәммени жақыннан таныстырды. Буннан кейин психолог Мухаббат Тахировна талаба қызлардың тек физикалық емес, ал руўхый саламат болыўлары, өмир қыйыншылықларына шыдамлы, сабырлы болып ержетиўлери, олардың руўхый зорығыўының алдын алыў, сондай-ақ мүшкил жағдайға түсип қалған қызларымызға психологиялық жәрдем бериў тийкарғы мақсети екенлигин айтып өтти.  Қызларымыз бенен жақыннан сәўбетлести, өзара пикирлерин тыңлады ҳәм психологиялық шынығыў өткерди. Қызларымыз шынығыў тийкарында өз ўақтында ашыўды басқара алмаў нерв ағзаларының зорығыўына алып келетуғынлығы, нәтийжеде өз жақынларын, ата-аналары менен өзара мүнәсийбетлерде машқалалардың жүзеге келиўи, бул олардың денсаўлығы менен бирге оқыўына да үлкен қәўип салыўы түсиндирилди ҳәм психологиялық мәсләҳәтлер берилди. Саўбет жүдә мазмунлы ҳәм қызықлы өткерилди.

Пайдалы дереклер