Ҳәр бир адамнын өмирден өз жолын таўып кетиўинде, кәмил инсан болып жетилисиўинде оған дурыс бағдар бериўши, жол-жоба көрсетип билимге, илимге , кәсипке бағдарлаўшы, соның менен бирге оны қоллап- қуўатлаўшы ең жақын инсанлары, биринши нәўбетте оны дүньяға келтирген ата-анасы болса, екиншиси – олардын устазлары есапланады. Сонлықтан да, халқымыз арасында «Устаз атаңнан уллы» деген гәп бийкарға айтылмаған.
Балалығымнан мектеп муғаллимлерине болған үлкен ҳәўес, сүйиспеншилик усы кәсипке болған ықласымды арттырды. Еле ҳәрип, жазыў-сызыў ҳаққында ҳеш қандай түсиниги болмаған ойын баласының ақылый имканиятлары есигин ашып, оны жаңа мағлыўматлар топламы менен толықтырып баслайды. Бала муғаллим жәрдеминде Әлипбеде орын алған ҳәриплердиң жазылыўын парықлай алыў менен бирге оларды бир-биринен айырып, атын атап таный баслайды. Бул процесслердиң избе-излигинде де устаз хызмети сәўлеленеди. Биз шәкиртлердиң жетик қәниге болып қәлиплесиўимизде де олардың үгит-нәсияты тийкар ўазыйпасын атқарады ҳәм өз кәсибине садықлық сезимин оятады. Мениң өмиримде де устаз хызмети айрықша болып есапланады.
Еслеў күни қабатында Республикамызға белгили көрнекли алым, филология илимлеринин докторы, профессор , Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясынын академиги, Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген илим ғайраткери устазым Абатбай Даўлетов ҳаққында сөз етиўди, устазымның ағла пазыйлетлерин еске алыўды өзимниң шәкиртлик парызым деп билдим.
СЕС, ҲӘРИП ҲӘМ СӨЗ. Бул үшлик бир-бири менен тығыз байланысқан. Тил билими тараўында нызамлылықларына сай қағыйдаларын ислеп шығыў, додалаў ҳәм айланысқа енгизиў жуўапкершиликли ис болып есапланады. Қарақалпақ тили де бундай мәселелерден жырақ емес. Әсиресе, тил илимиң фонетика тараўы илим жолында жүрген қәлеген адам қол урып изертлеўге жүрексине бермейтуғын жүдә қурамалы ҳәм қыйын тараўлардың бири есапланады. Сонлықтан да, қарақалпақ тил илиминде усы фонетика тараўы менен шуғылланатуғын илимпазлар бармақ бүгип санаўлы ғана. Усындай инсанның бири сыпатында академик Абатбай Дәўлетовтың исмин атап өтиўимиз жүдә орынлы.
Абатбай аға ҳаққында сөз ететуғын болсам, устазымды мен мектеп оқыўшысы пайытымнан баслап билетуғын едим. Себеби, пән олимпиадасына ана тили ҳәм әдебияты пәнинен қатнасатуғын едим. Республикалық таңлаўға Тахтакөпир районы атынан үш жыл қатарына қатнасып ҳәр жылы 1-2-орынларды ийелеп жүрдим. Ол ўақытлары белгили алымлар С.Ахметов, Қ.Султанов ҳәм А.Дәўлетовлар мектеп оқыўшыларының пән олимпиадаларында комиссия қурамында қатнасып оқыўшылардың билимин әдилана баҳалап берер еди. Сол дәўирде мектепте 9-класс ўақтымда қарақалпак тили ҳәм әдебияты пәнинен пән олимпиадасына келгенимде комиссия баслығы С.Ахметов еди. Сынақ барысында А.Дәўлетовтың қарақалпақ тили пәнинен қурамалы сораўларды бергени, олардың ҳәр бирине иркилместен тақылдап жуўап бергенимде , сол ўақытларда устаз Абатбай аға Дәўлетов қызықсынып қарақалпақ тили пәнинен оқытқан устазларымды сорағанлары ҳәм де сол жерде отырып қасындағы басқа комиссия ағзаларына: «Келешекте мына қыздан бир нәрсе шығады, қызығыўшылығы, билими жүдә жақсы екен» дегенлери кешегидей еле есимде.
Мектепти питкерип, 1986-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетине оқыўға түстим. Бизлер 5 жыл оқыған дәўиримизде устазымыз Абатбай аға факультетимиздиң деканы еди. Факультет деканы сыпатында, искер шөлкемлестириўши ҳәм жүдә талапшаң басшы болды. Декан сыпатында студентлердиң билимин әдил баҳалаўға айрықша итибар беретуғын еди.
Университетти питкерген жылы факультет деканы сыпатында А.Дәўлетов мени ҳәм группалас достым П.Алламбергенованы оқыўымызды айрықша диплом менен питкергенлигимиз ушын усы жерде оқытыўшылық кәсибинде ислеп қалыўымызды усыныс етти. Биздер достымыз Патима екеўмиз өзимиз питкерген факультетте ислеп қалдық ҳәм тез арада илимимизди даўамлаў ушын Аспирантураға оқыўға түстик. Аспирантурада илимий басшым А.Дәўлетов етип бекитилди. Сол ўақытлары устазым Абатбай аға илим кандидаты илимий дәрежесине ийе еди.
Темаң бойынша бир бет жазсаң да тез алып кел, дейди устаз. Бир беттиң өзи үлкен қыйыншылық пенен жазылды. Лекин, илимий басшымның мәсләҳәти менен сол қыйыншылық пенен жазылған бир бет, көлемли үлкен мийнеттиң жүзеге келиўине тийкар болды.
Ҳаял адам ушын шаңарақ пенен илимди де қоса алып барыў аңсат емес, әлбетте. Аспирантурада оқып журген ўақтымда шаңарақлы болдым, перзентли болып қалған соң менин илимий жумысларымда сәл болса да иркиниш болды. Әкем болса, «көзимниң тирисинде жақлап, илим кандидаты болғаныңды көрсем еди қызым»-, деп меннен бетер асығатуғын еди. Бир күни үйге келип: «Неге илимий жумысыңды кешиктирип атырсаң, қызым? Мен илимий жумысыңның барысын устазыңнан барып билейин»- деди, әкем жаны төзбей. Әкем Абатбай аға менен сәўбеттен қатты кеўли толып–тасып келди. “Қызым, устазың жүдә илим-билимли, адамгершиликли, миймандос, ең баслысы өзимиздей әпиўайы ғана инсан екен. Қуда қәлесе, кандидатлық дисертацияңды өз ўақтында жақлайсаң, қызым. Устазың да сениң билимиңди , илимге ықласыңды, тырысқақлығыңды айтып, тез арада жақлап шығады, деп исенип отыр балам, сен де устазың да илим жолында үлкен мәртебеге ерисип, абырайлы болғайсыз”- деп ақ пәтиясын берди. «Жаўын менен жер көгереди, патия менен ер көгереди» деген ғой, әкем тилеги қабыл инсан еди( Ҳажы еди) мен илимий жумысымды жақлаған ўақтымда устазым Абатбай аға Дәўлетов Академик дәрежесине ийе болған еди.
Қарақалпақ тилиниң ең бир қыйын, ҳәммениң де тиси бата бермейтуғын тараўы есапланған фонетика бойынша бир қанша қунлы мийнетлери менен салмақлы үлес қосқан устаз хызметиниң ҳәр бири ҳаққында қаншама мақтаныш етип еслесек те көплик етпейди. Абатбай аға илимий мәселелер бағытында тынымсыз жумыс ислеў менен бирге илимий–педагог қәнигелерди жетилистириўге де айрықша итибар қаратты. Оның илимий басшылығында жумыс алып барған шәкиртлериниң алды профессор, илим докторы илимий дәреже, атақларын алыўға еристи.
Устазымыз Абатбай аға Дәўлетов үлгили шаңарақ ийеси, презентлеринн әдиўли әкеси, ақлықларына меҳрийбан ата еди. Апамыз Мырзагүл менен үш ул, еки қызды тәрбиялап, халық қатарына қосты. Олардың барлығы жоқары мағлыўматлы, кәсибиниң шын мәнисиндеги пидайылары болып жетилисти. Үлкен баласы әке жолын даўам еттирип, илим кандидаты болды, ҳәзир университетте Қурылыс факультетиниң доценти, ортаншы улы Кегейли районының ҳәкими болып иследи, әттең өмири қысқа болып бир-еки жыллықта өмирден көз жумды. Кишкене улы да жоқары мағлыўматлы, дийхан фермер хожалығы баслығы, ал қызлары болса ата-анасының жолын қуўып оқытыўшылық кәсибиниң маманы болып жетисти. Устаздың перзентлериниң барлығы да үлгили шаңарақ ийелери.
Ақлықлары да шет мәмлекетлерде ең абырайлы оқыў орынларын оқып, питкерип , бүгинги күнде халық хожалығы тараўында хызмет етип устазымыз Абатбай ағаның мүнәсип даўамшылары болып жетилисти.
Устазымыздың машақатлы ислеринде табысқа ерисиўинде қос арыстың бири апамыз Мырзагүлдиң орны гиреўли еди. Базда, биз шәкиртлери байрамларда дастурхан әтирапында сәўбетлесип қалсақ, апамыздың кеўли ашықлығы, миймандослығы, оның сөйлеген сөзинен, келинлерине, ақлықларына берген тәрбиясынан өзлеримизге үлкен ибрат алып қайтатуғын едик.
Устазымыз бенен кәсиплес болып, бир кафедрада китаплар шығарыўда, сабақлықлар дүзиўде бирге ислестик, көп жол-жоба көрсетти, сабақлық жазыўда да устазымыздан көп нәрсе үйрендик. Себеби, илим үйренип, оны әмелиятта қолланбаў, егин егип оның зүрәәтин жыйнап алмаған менен барабар есапланады. Жасларды билимли етип, илимге қызықтырыў , саналы, руўхый жетик, пидайы етип тәрбиялаў – кәсибиниң маманы болған устазлар искерлигине мүнәсип.
Орыс тили бойынша Санкт-Петербург ҳәм Москва мектеплери қәлиплескен ҳәм оларда жыллар даўамында тил билимине байланыслы машқалалар шешимин таўып, дәлийлленген. Академик Абатбай Дәўлетов дүньяға белгили тилши алымлар менен болған сәўбетлесиўлерин сөз еткенде биз де жаңа мағлыўматлар менен танысар едик.
Бул илимий орайлар менен А.Дәўлетов байланыс орнатып, илимий конференциялар, әнжуманларға қатнасып биз шәкиртлерине үлги көрсетип, илимге бағдарлап усындай үлкен илимий конференцияларға мақалаларымыз бенен қатнасыўымызды талап ететуғын ҳәм өзи жол жоба көрсетип илимге бағдарлап барар еди.
Абатбай аға илим-билим жолында, жасларға тәлим-тәрбия мәселесинде де, сабақлықлар жазыўда да тынып-тыншымас инсан еди. Сабақлықлар жазғанымызда бизлерге: Инжайым сен морфология тараўын, Шәригүл Алланиязова-синтаксисти, Мәмбет-морфонологияны жазады” – деп барлығымызды илимий жумыс пенен бәнт етип сабақлық ислеўге жол -жоба берип, бәримизди мийнет етиўге шарлап туратуғын ҳақыйқат жан күйер пидайы устаз еди. Устазымыздың усы талапшаңлығы нәтийжесинде мектеп, академиялық лицей ҳәм кәсип өнер колледжлерине сабақлықлар жаздық.
“–Абат ағадан интервью алыў жүдә қыйын ҳәм жуўапкершиликли. Устаз ҳәр бир сөзге айрықша итибар менен қарайды. Мақала таяр болғаннан соң да көрип және өзгерислер киргизиледи. Газетада жәрияланаман дегеншелли қайта–қайта исленип таяр ҳалға келтириледи,–деген еди газеталардың биринде ислейтуғын журналист достым.
Ҳақыйқатында да Абат аға ҳәр бир мийнеттиң дөретилиўи процессинде жазылыў, редакторлаў, корректорлаў исинде қырағы көзи менен қарайтуғын еди. Бул нәрсе оның жумыс ислеў усылына айланып кеткен еди. Кафедра ағзалары менен биргеликте сабақлықлар таярлаўда устаз искерлиги нәтийжесинде кишкене бир қәте жиберип қойыў, бул ислерге итибарсызлық пенен қараў сыяқлы кемшиликлерди жибермеўге тырыстық. Соның нәтийжесинде, устазымыз академик А.Дәўлетовтың басшылығы, көрсетпелери, дурыс жол-жобасы нәтийжесинде тил билими бойынша зәрүр мийнетлер жүзеге келди деген пикирдемен.
Инсанға тән қәсийетлердиң бири бул – устазға еликлеў. Мен Абат ағадан туўры сөзликти, рети менен сөйлеўди, тик қәдем таслаўды, ҳақыйқатлықты жасырмай айтыўды, илим менен бирге тәрбияны қоса алып барыўды, биз ушын бәрҳама муқаддес болған шаңарақты қәстерлеўди үйрендим. Устаздан үйренгенлерим турмыста, жәмийетлик жумысларда күтә пайда берди.
Университеттиң ҳаял–қызлар шөлкемине басшылық етиўде Абатбай ағадан үйренгенлеримди үстин етип аламан.
Университет басшылары Ҳаял-қызлар шөлкемине басшылық етиўди усыныс еткенде: “Қызым, сен ҳеш екиленбе, бул саған университет басшылары тәрепинен берилген үлкен исеним ҳәм жуўапкершилик, сениң бул жуўапкершиликти мәрдана атқаратуғыныңа мен исенемен” деген еди устазым. Мени өз қызындай көрип , жетискенлигиме, табысларыма да қуўанатуғын еди. Ҳәмме ўақыт жумысымның жай-жағдайын сорап, мәсләҳәт берер еди. Шәкиртлерине бундай етип, әкесиндей ғамхор устазлардың саны санаўлыдай. Мәселен, ҳәзир бизлердиң өзимиз де устазлық дәрежесине жетистик, шәкирт тәрбиялап атырмыз, қудайға шүкир, изимизди қуўып илим жолында жүрген шәкиртлеримиз бар. Гейде өз-өзиме сораў қояман: Абатбай ағаның бизлерге устазлық еткениндей мен шәкиртлериме устазлық ете алдым ба екен?!…
Деген менен, халықта устаз көрген, мектеп көрген деген гәп бар ғой, устазымнан үйренгенлерим шәкиртлер тарбиясында да өз пайдасын тийгизбекте. Абатбай аға жаслар тәрбиясына айрықша итибар берер еди. Әсиресе, студентлерди баҳалағанда бизлерге айтатағын бир нәсияты:
“ – Сизлердиң ҳәр бириңизге айтарым, студенттиң билимин баҳалағанда олардың тек ғана билимине баҳа қоймастан, жақсы тәрбиясына, әдеп-икрамлық дәрежесин де есапқа алың, егер олар билимли болыў менен бирге жақсы минез-қулыққа ийе болса, жүрис-турысы, кийиниў мәденияты студентке сай болса, онда сол жақсы пазыйлети ушын ол студентке бир балл жоқары қойын”- дейтуғын еди. Турмыслық тәжирийбеси көп устаздан үйренгенлерим бүгинги күндеги студент қызлар тәрбиясына байланыслы ислеримде де пайдасын тийгизбекте.
“Устазы жақсының устамы жақсы” деген гәп бар. Устазымыз бизлерди илим жолында мийнеткешликке, сабырлы-төзимли болыўға тәрбиялады. Ҳақыйқатында да, дүньяға белгили тюрколог алымлар тәлимин алған устаз тил илимине қосқан үлеси, жетистирген шәкиртлери менен өзине сай академик Абатбай Дәўлетов мектебин жаратып кетти деп исенимли түрде айта аламыз.
Республикамызға белгили көрнекли алым, филология илимлеринин докторы, профессор , Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясынын академиги, Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген илим ғайраткери устазымыз Абатбай Даўлетовтың жарқын естелиги шәкиртлери қәлбинде мәңги сақланады.
ИНЖАЙЫМ СЕЙТНАЗАРОВА
Филология илимлериниң кандидаты, доцент,
ҚМУ ректорының ҳаял-қызлар
мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы.