«Аналар ҳәййиў айтқанда» атамасындағы «ҲӘЙЙИЎ» қосықлар таңлаўы өткерилди

Сондай бир ǝжайып қосық бар, ырғағы жанды тербендиреди, бул қосықтың намасы да, сөзи де меҳрийбан аналарымыздың арзыў-ǝрманын, тилек ҳǝм ийгиликли нийетлерин сǝўлелендирип турады, нǝрестениң пǝк жүрегине ана меҳири менен сиңип, шексиз муҳаббат таратады.

Бул-ҳǝййиў қосығы. Бул аналар косығы. Перзентиниң айдын келешегин, ығбал-бахтын ҳǝййиў арқалы жеткерип, баласын нама ырғағында тǝрбиялаўды сол ески заманлардан-ақ билген аналар урпағы екенлигимизден, сондай дүньяны таң қалдырғандай қǝдириятларымыз бар екенлигинен ҳǝр биримиз қанша мақтансақ та ҳақылымыз.

Мине, усындай, бай мийрасымызды университет студент-қызлар арасында кең түрде үгит-нǝсиятлаў мақсетинде жақында университетимиз Ҳаял-қызлар ҳаял-қызлар кеӊеси тәрепинен университет студент-қызлары арасында «Аналар ҳәййиў атқанда» атамасында Ҳәййиў қосықлар таңлаўы өткерилди.

 Таңлаўда тийкарынан он бир факультеттен бир қыздан қатнасып, халық аўзында айтылып жүрген бесик жырлары, ҳәййиў қосықлары атқарылыўы тийис болып, олардың арасынан атқарыў шеберлиги хәм ҳәййиў мазмунына айырықша итибар берилип, төрешилер қурамы тәрепинен мүнǝсип баҳаланды. Таңлаў шәртлерине бола қызларымыз ҳәр тәреплеме сынақтан өтти. Яғный, бунда ҳәййиў қосығын олардың нама яки ишки саз бенен кәмине келтирип атқарып бериўи, ҳәййиў атқарылған ўақытта қызларымыз ҳақыйқый ана образына кирип бесиктен, кишкене нәресте, яғный бесик баласын услап –тутыўы, болажақ ананың өз нәрестеси қасында өзин услап тутыўы, отырыў мәденияты, нәрестелерге меҳир бериўи, сондай-ақ, сол ҳәййиў атқарылып атырған орынның миллий қәдириятларымызға сай безелиўине шекем есапқа алынды.

Бизди айрықша қуўандырғаны, студент-қызларымыз тәрепинен ҳәййиў қосықларын тек ғана қарақалпақ тилинде емес, ал, түрли миллет ўәкиллериниң, яғный қарақалпақша, өзбекше, қазақша ҳәттеки түркше ҳәййиў қосықлары атқарылды. Ҳәм де қызларымыз қайсы миллеттиң тилинде ҳәййиў қосығын атқарса, сол миллеттиң миллийлигин сәўлелендирип туратуғын миллий-липасларда, жүдә жарасықлы орамал –шаршы безеклерди тағынып қатнасты. Қызларымыздың ҳәййиў қосығын атқарыўға болған ықласын көрип, туўрысы студент-қызларымызға ата-аналары ҳәм де оқыў дәргайымыз тәрепинен берилип атырған тәлим-тарбияның нәтийжесин сезинип қуўандық.

Усы жылдың 19-май күни өткерилген бул таңлаўда университетимиздиң хәр бир қызы белсенди қатнасып, олардың белсендилиги  миллий қәдриятларымызға болған жоқары руўхый көз-қарасы ҳәм мәдениятында, шеберлик пенен атқарған бесик жырларында өз сәўлесин тапты. Таңлаўда қызларымыздың мийнетин,  айтылған «Ҳәййиў» қосықларын тажирийбели тараў қәнигелеринен ибарат төрешилер қурамы баҳалап барды. Таңлаў жеңимпазлары  1-2-3-орынлар менен баҳаланды ҳәм арнаўлы номинациялар берилди. Таӊлаў жуўмағында:

1-орын – Көркем-өнер факультети студенти Мухаммедалиева Ҳурлиман;

2-орын – Өзбек филологиясы факультети студенти Қуўанышбаева Наргиза;

3-орын – Шет тиллери факультети студенти Бегниязова Камила ийеледи.

Ал қалған қатнасыўшы қызларымыз төмендеги номинациялар менен сыйлықланды: 

Бǝршемизге анамыз меҳирин нама ырғағында кеўлимизге жайлаған ҳǝййиў қосығы-дүньядағы ең уллы қосық. Ҳǝййиў-бул аналар меҳири, ҳǝййиў бул-кемпир апаларымыздың ақ пǝтиясы, бул – ананың перзентине гөдеклигинен баслап тилеген тилеги, кеўлиндеги уллы үмити. Ҳǝр бир ҳаял-бесик пенен айтқан ҳǝййиўи менен жǝне де гөззал, жǝне де қǝдирли.

 

Таңлаўда қатнасқан ҳǝр бир қыздың кеўлинен мине усындай сезимлер өткен болса, келешекте бир шаңарақтың бахытлы бийеси болып, алтын бесик шайқаўды нийет еткен болса тǝжип емес.

Университетимиз қызларының миллий қǝдириятларға болған көз-қарасын айқын сәўлелендириўде усындай таңлаўлардың өткерилиўи айрықша әҳмийетке ийе.

 

Инжайым Сейтназарова,

Бердақ атындағы ҚМУ ректорының

Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.

 

Пайдалы дереклер