Қарақалпақ мәмлекетлик университети Webometrics рейтингинде 5-орынды ийеледи

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Жоқары оқыў орынларының интернет мәканында изертлеў орайы сыпатында бер екенлигин анализлеп барыўшы Webometrics рейтингинде Өзбекстан көлеминде 5-орынды ийеледи. Атап өтиў орынлы, Webometrics рейтинги ЖОО рәсмий сайтларын баҳалап барыўшы белгили халықаралық рейтинглерден бири есапланады. Бул өз нәўбетинде ЖОО искерлигиниң ашықлық рейтинги болып, Өзбекстан, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасы жоқары билим бериў орынлары бул рейтингде ҳәр жылы қатнасып келмекте.

Webometricsтиң тийкарғы мақсети – илимий ҳәм билим бериў орынларының өзлериниң илимий ҳәмде оқыў материалларын ғалабалық, ашық пайдаланыў ушын жәриялаўға шақырыў болып есапланады. Бунда ЖОО интернет мәканында университеттиң презентациясын анализлеўге тийкарланып, оқыў орынларының билим бериў ҳәм илим-изертеў бағдарындағы жетискенликлери олардың сайтларын салыстырыў арқалы баҳаланады.

Айтып өтиў орынлы, бул рейтингде 2020-жыл июль айында дүньяның 30 000 нан артық оқыў орынлары баҳаланған. Сондай-ақ, Webometrics пүткил дүнья бойынша билимлендириў ҳәм илим-изертлеў орынлары сапасын жақсырақ сәўлелендиретуғын басқа көрсеткишлерди де есапқа алады ҳәм жылына 2 мәрте рейтинг жәрияланады.

Рейтингде Қарақалпақ мәмлекетик университети орнын жоқарылатыўда университет веб-дизайнери Наурыз Нукусбаевтың орны айрықша болып, оқыў орны сайты дизайны, тартымлылығы ҳәм ашық-айдын мағлыўмат базасы сыпатында хызмет етиўин тәмийнлеўде жемисли мийнет етип келмекте.

 

Пайдалы дереклер