Бүгинги күнде судлардағы ислердиң, атап айтқанда мийнет даўларына байланыслы ислердиң басым бөлеги жумысқа тиклеў менен байланыслы келеди. Айтып өтиў керек, мийнет шәртнамасын нызамғы қайшы түрде бийкарлаў шахстың кейиншелли жумысқа орналасыўында, сондай-ақ турақлы дәраматлардан айырылыўы менен байланыслы белгисиз мүддетке жасаў шәраятларының төменлеўинде көринетуғын қыйыншылықларды пайда етеди.
Бул категорядағы иследиң судлар тәрепинен дурыс көрип шығылыўы мийнет қатнасықларында нызамлылықты беккемлеўге, жумысшылыр ҳәм жумыс бериўшилердиң ҳуқықларын ҳәм нызам менен тәмийнленген мәплерин қорғаўға көмеклеседи.
Айтып өтиў керек, будай иследиң өзгешелиги кеминде төмендегилер менен тийкарланады:
– бириншиден, барлық жағдайда жумысшы даўагер сыпатында, жумыс бериўши болса жуўапкер сыпатында қатнасады;
– екиншиден, мийнет шәртнамасының бийкар етилиўиниң нызамлылығын дәлиллеў мәжбүрияты барқулла жумыс бериўшиге жүклетиледи;
– үшиншиден, арнаўлы қысқыртырылған даўа мүддети әмел етеди;
– төртиншиден, жумысқа тиклеў ҳаққындағы даўа арза қанаатландырылғанда суд қарары дәрҳал орынлаўға қаратылады ҳәм т.б.
Жумысқа тиклеў ҳаққындағы ислер, егер нызамда бундай тартысларды көрип шығыў басқа судларға ямаса басқа органларға берилген болмаса, Пуқаралық процессуал кодексиниң 26-статьясына көре мийнет қатнасықларынан келип шығатуғын тартыс сыпатында пуқаралық ислери бойынша судлар тәрепинен көрип шығылады.
Бул ислер улыўма тәртипте, яғный Пуқаралық процессуал кодексиниң екинши бөлими 2-киши бөлими тәртибинде келтирилген даўа арзаларға тийкар көрип шығылады.
Даўа арзалар судларға аймақлық жақтан тийислиги бойынша төмендегише:
– улыўма тәртип бойынша даўа арзалар жуўапкер жайласқан жердеги судларға келтирилиўи мүмкин;
– мийнет шәртнамасында көрсетилген судларға келтирилиўи мүмкин;
– Пуқаралық процессуал кодексиниң 34-статьясы тоғызыншы бөлими тийкарында әйне мийнет ҳуқықларын тиклеў ҳаққындағы талапларды даўагерлер өзлери жасап турған жердеги судалға келтириўи мүмкин.
Даўа арза келтириў мүддетлерине тоқталатуғын болсақ, Мийнет кодексиниң 270-статьясына муўапық жумысқа тиклеў ҳаққындағы даўа арзалар жумысшы тәрепинен өзи менен дүзилген мийнет шәртнамасының бийкар етилиўин нәзерде тутыўшы тийисли буйрықтың көширмесин имза қойып алған күннен баслап бир айдың ишинде судларға келтирилиўи мүмкин.
Соның менен бирге айтып өтиў керек, Мийнет кодексиниң 18-статьясында мәмлекетлик хызметшилердиң мийнетин тәртипке салыў өзгешеликлери нызам менен белгиленеди делинген болсада, Мийнет кодексиниң 269-статьясына көре жумысқа тиклеў ҳаққындағы район (қала) судларында көрип шығылыўы кереклиги белгиленген.
Пуқаралық ислери бойынша
Нөкис районлараралық суды
судьясы М.А.Дауменова