Юридикалық фактлерди белгилеў ҳаққындағы ислердиң судларда көрилиўи тәртиби ҳәм өзгешеликлери

Ҳәр бир инсан жәмийетимизде ҳәр күни ҳәр түрли қатнасықларда болады. Пуқаралық жәмийетинде жәмийетлик қатнасықлар арасында ең әҳмийетлиси – бул ҳуқықый қатнасықлар есапланады.

Ҳуқықй қатнасықлар дегенде жәмийетлик қатнасықлардың ҳуқық нормалары, яғный Конституция, нызамлар ҳәм нызамшылық пенен тәртипке салынған бөлеги түсиниледи.

Ҳуқықй қатнасықлар өзинен-өзи пайда болмастан, бәлким белгили бир юридикалық факт тәсиринде пайда болады, өзгереди ямаса тамамланады. Өз гезегинде белгили бир қатнасықлар даўамында да юридикалық фактлер жүзеге келиўи мүмкин. Мәселен, шахс белгили бир жерде жумыс ислеген дәўири бул мийнет ҳуқықый қатнасықлары болыўы менен бир қатарда, мийнет еткен стажы пенсия қатнасықларын пайда ететуғын юридикалық факт болып келиўи мүмкин.

Юридикалық фактлер ҳар қыйлы материаллық дереклер менен тастыйқланыўы мүмкин. Мәселен, жумысқа қабыл етилгенлиги – тийисли буйрық яки мийнет дәптершеси менен, мийнет стажы – мийнет дәптершеси менен, нызам некеден өткенлиги – неке гүўалығы менен ҳәм т.б.

Бирақ айырым жағдайларда ол яки бул себеплерге көре негизи жүз берген юридикалық фактлерди ҳүжжетлер яки басқа материаллық дереклер менен тастыйқлаў қыйын болғар жағдайлары ушырысыўы мүмкин. Бундай жағдайларда нызамшылықта судлар арқалы юридикалық әҳийетке йие фактлерди тастыйқлаў бойынша ҳуқықый имканиятлар жаратылған.

Атап айтқанда, пуқаралық ислери бойынша судлар пуқаралырдың яки шөлкемлердиң шахсый, мүликлик ҳуқықларының жүзеге келиўи, өзгериўи ямаса тамамланыўына себеп болған фактлерди тастыйқлайды.

Пуқаралық процессуал кодексиниң 295-статьясына көре, суд тәрепинен  көрилетуғын бундай ислер қатарына: –  шахслардың туўысқанлық байланыслары ; – шахс биреўдиң қараўында екенлиги; – аталықты тән алыў, баланың ол яки бул анадан туўылғанлығы, туўылған ўақыты; – перзентликке алыўдың, некениң, некеден ажырасыўдың, өлимниң дизимге алынғанлығын; – нызамда белгиленген жағдайларда ерли-зайыплардың ҳақыйқатта неке қатнасықларында болғанлығы; – шахстың ҳуқықты белгилеўши жүжжетлердеги фамилия, аты яки әкесиниң аты паспорты яки туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығындағы мағлыўматларғы мас болмағанда усы ҳүжжет шахсқа тийисли ямаса тийисли емеслиги; – бахытсыз ҳәдийсе; – имаратқа жеке меншик мүлик ҳуқықы тийкарында йиелик етиў; – мийрасты қабыл етиў ҳәм мийрастың ашылыў жери фактлерин тастыйқлаў ҳаққындағы ислер киреди.

Егер нызам яки нызамшылықта юридикалық фактлерди белгилеўдиң басқаша жолы белгиленбеген болса, суд юридикалық әҳмийетке йие болған басқа фактлерди де тастыйқлайды.

Юридикалық фактлерди тастыйқлаў судлар тәрепинен арнаўлы түрдеги ислер тәртибинде көрилиўи себебпли, мәпдар шахслар судларға даўа арза менен емес, ал өзиниң жасаў жериндеги судларға арза менен мүрәжет етиўи мүмкин.

Пуқаралық ислери бойынша

Нөкис районлараралық суды

судьясы М.А.Дауменова

Пайдалы дереклер