Жаңаланған конституция келешегимиз негизи

Бүгинги күни Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумыслар инсанды қәдирлеўге бағдарланған. Тийкарғы нызамымызға киргизилип атырған өзгерислердиң негизинде «Инсанның қәдир-қымбаты» ушын деген уллы идея жатыр. Конституцияға киргизилип атырған өзгерислердиң негизинде де усы принциплер бар.

Конституцияның 41-статьясына төмендеги өзгерислерди киргизиў нәзерде тутылған:

Мәмлекет талантлы жасларды олардың материаллық жағдайына қарамастан оқыўын даўам еттириўин кепиллейди;

Мәмлекет ҳүкиметлик, жеке меншик ҳәм билимлендириўдиң басқа формаларындағы шөлкемлер менен мәкемелердиң раўажланыўына теңдей имканият жаратады.

Бул өз гезегинде мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары басқышқа көтереди. Атап өтетуғын болсақ, конституцияның жаңа формасында, мәмлекет есабынан оқыў жоқары билимлендириў орынларында билим алыў конкурс тийкарында әмелге асырылады, жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери нызам шеңберинде өзин-өзи басқарады, академиялық еркинлик, изертлеўлерди еркин алып барыў мүмкиншилиги пайда болады.

 

 

Ж.Сейтжанов, Аўдарма теориясы ҳǝм

ǝмелияты кафедрасы баслығы, ф.и.к., доц.

Пайдалы дереклер