Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде
Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 27 жыллығына ҳәм де Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Ҳалық депутатларының ўәлаят, районлық, калалық Кеңеслерине өткерилетуғын сайлаўларға бағышланған «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм пуқаралар сайлаў ҳуқықларының кепилликлери» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференциясының
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ ХАТЫ
8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн улыўма халықлық байрамын мәмлекетимизде кең көлемде белгилеў ҳәм де Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Ҳалық депутатларының ўәлаят, районлық, қалалық Кеңеслерине өткерилетуғын сайлаўлар ҳаққындағы мағлыўматларды кең түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм пуқаралар сайлаў ҳуқықларының кепилликлери» атамасындағы республика илимий-әмелий конференциясы өткериледи.
Илимий-әмелий конференция 2019-жыл 8-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң үлкен мәжилислер залында болып өтеди.
Илимий-әмелий конференцияның тийкарғы мақсети: Бас нызамымыз қабыл етилгенлигиниң 27 жыллығын мүнәсип тәризде күтип алыў ҳәм кең түрде белгилеў, соның ишинде, мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз турмысында Конституциямыздың орны ҳәм ролин және де толығырақ сәўлелендириў, халқымыз сиясий ой-пикириниң теңсиз үлгиси болған Өзбекстан Республикасы Конституциясы Ўатанымыз ғәрезсизлиги, халқымыздың тыныш-татыў турмысы, пуқараларымыздың ҳуқық ҳәм еркинликлери және мәплериниң беккем кепиллиги сыпатында елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, күшли пуқаралық жәмийетин қурыўда тийкарғы негиз болып киятырғанлығын кеңнен үгитлеў, ўатанласларымыз, әсиресе, жасларымыздың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын еле де арттырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Ҳалық депутатларының ўәлаят, районлық, калалық Кеңеслерине өткерилетуғын сайлаўлар ҳаққындағы мағлыўматларды кең үгит-нәсиятлаў.
Илимий-әмелий конференция қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде өткериледи.
Илимий-әмелий конференцияның тийкарғы бағдарлары:
– Өзбекстан Республикасы Конституциясының мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўы системасындағы орны ҳәм роли;
– Өзбекстан Республикасы Конституциясы – суд-ҳуқық тараўындағы реформаларды әмелге асырыўдың беккем тийкары;
– Инсан, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин исенимли қорғаў кепилликлерин тәмийинлеўде Өзбекстан Республикасы Конституциясының әҳмийети;
– Өзбекстан Республикасы Конституциясы пуқаралар сайлаў ҳуқықларының тийкаргы дереги сыпатында.
Илимий-әмелий конференция материаллары топламында баспадан шығарыў ушын жиберилетуғын илимий мақалаларға қойылатуғын талаплар:
Материаллар конференция бағдарларына сәйкес актуал темаларда болыўы, ҳәзирги заман талапларынан келип шығып тийкарланылған усыныслар болыўы шәрт.
Материаллар қарақалпақ, өзбек, рус яки инглис тиллеринде берилиўи мүмкин.
Жиберилетуғын материал текстлери редакторланған ҳалда А4 өлшемдеги қағазда, жоқарыдан ҳәм төменнен 2 см., шептен 3 см., оңнан 1,5 см. орын қалдырып жазылады. 1 интервалдан кейин жумыс яки оқыў орны аты жазылады. Материалдың атамасы, 1,5 интервалдан кейин автордың аты, әкесиниң аты ҳәм фамилиясы бас ҳәриплерде жазылады. 1,5 интервал қалдырып, текст 1,5 интерваллы қатарларда жазылады. Тексттиң электрон нусқасы MS WORD бағдарламасында, Times New Roman шрифтында, 14 кегл үлкенлигинде 1,5 интервалда болыўы ҳәм 3-5 бетке шекемги көлемде болыўы лазым. Пайдаланылған әдебиятлар дизими текст ақырында бериледи.
Мақалалар усы жылдың 7-ноябрь сәнесине шекем қағаз ҳәм электрон нусхада берилиўи керек.
Жиберилген мақалалар редакциялық коллегия тәрепинен тексериледи ҳәм илимий-әмелий конференция талабына сәйкес келмеген материаллар қабыл етилмейди. Биргеликтеги автор (соавтор)лар саны екеўден артық болмаўы ҳәм бир автордан берилетуғын мақалалар саны екеўден көп болмаўы лазым.
Жиберилген мақалаларда келтирилген мағлыўматлардың дурыслығы ушын автор(лар) жеке жуўапкер есапланады.
Қосышма мағлыўматлар ушын:
К.Низаматдинов – Қарақалпақ мәмлекетлик университети Илимий изертлеўлер, инновациялар ҳәм илимий-педагог кадрлар таярлаў бөлиминиң баслығы. тел.: (97) 563-05-69.
М.Нажимов – Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳуқықтаныў кафедрасының баслығы. тел.: +998937744747
e–mail: conf2019@umail.uz
Шөлкемлестириў комитети мәнзили: Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси, 1-жай, Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультети имараты.