ДЫҚҚАТ, ДАҒАЗА!

Университет студентлери арасында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» атамасында «Ең жақсы мақала» номинациясы бойынша  таңлаў өткериледи. Таңлаўдың факультет басқышы усы жылдың 4-15-март күнлери аралығында өткериледи. Таңлаўдың факультетлераралық басқышы усы жылдың 1-10-апрель күнлери өткериледи. Таңлаў бойынша қатнасқан студентлер өз мақалаларын көрсетилген мүддетлерде  өзлери оқып атырған факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарларына бериўлериңиз тийис.

Таңлаў критериялары:

Таңлаўға усыныс етилетуғын мақалалар төмендеги критерияларда баҳаланады;

– теманың мәнис-мазмунын толық ашып берилиўи;

– дөретиўшилик жумыслардың стилистикалық ҳәм грамматикалық тәрептен дурыс жазызғанлығы;

– теманы жартыўда әдебиятлардан пайдаланыў дәрежеси ҳәм анализлеў ҳәм еркин пикирлердиң анық билдирилгенлиги;

–    теманы жарытыўда өзине тән дөретиўшилик тәреплерин сәўлеленгенлиги;

– теманы жарытыўда турмыслық мысаллардан кең пайдаланғанлығы;

– темаға байланыслы актуал мәселелер, олардың шешимлери ҳаққында усыныслар келтирилгенлиги.

Таңлаўға берилген мақалалар көлеми  8-10 беттен 16-20 бетке шекем болыўлары мүмкин. Ҳәр бир критерия 10 балл системасында баҳаланады.                                                             

Таңлаўдың университет басқышында жеңимпаз болған студентлер университеттиң арнаўлы дипломы хәм қымбат баҳалы саўға менен сыйлықланады.

Пайдалы дереклер