Университет студентлери арасында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» атамасында «Ең жақсы мақала» номинациясы бойынша таңлаў өткериледи. Таңлаўдың факультет басқышы усы жылдың 4-15-март күнлери аралығында өткериледи. Таңлаўдың факультетлераралық басқышы усы жылдың 1-10-апрель күнлери өткериледи. Таңлаў бойынша қатнасқан студентлер өз мақалаларын көрсетилген мүддетлерде өзлери оқып атырған факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарларына бериўлериңиз тийис.
Таңлаў критериялары:
Таңлаўға усыныс етилетуғын мақалалар төмендеги критерияларда баҳаланады;
– теманың мәнис-мазмунын толық ашып берилиўи;
– дөретиўшилик жумыслардың стилистикалық ҳәм грамматикалық тәрептен дурыс жазызғанлығы;
– теманы жартыўда әдебиятлардан пайдаланыў дәрежеси ҳәм анализлеў ҳәм еркин пикирлердиң анық билдирилгенлиги;
– теманы жарытыўда өзине тән дөретиўшилик тәреплерин сәўлеленгенлиги;
– теманы жарытыўда турмыслық мысаллардан кең пайдаланғанлығы;
– темаға байланыслы актуал мәселелер, олардың шешимлери ҳаққында усыныслар келтирилгенлиги.
Таңлаўға берилген мақалалар көлеми 8-10 беттен 16-20 бетке шекем болыўлары мүмкин. Ҳәр бир критерия 10 балл системасында баҳаланады.
Таңлаўдың университет басқышында жеңимпаз болған студентлер университеттиң арнаўлы дипломы хәм қымбат баҳалы саўға менен сыйлықланады.