Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты студент-жаслар арасында «Мениң Ўатаным – мениң мақтанышым» атамасында онлайн дөретиўшилик таңлаўын жәриялайды.
Әзиз, студент-жаслар!
Өз Ана-Ўатанымызды, туўылып өскен журтымызды өз дөретиўшилигиңиз арқалы тәриплеўди қәлейсизбе?! Буның ушың студент-жаслар арасында жәрияланып атырған «Мениң Ўатаным – мениң мақтанышым» атамасында 5 номинация бойқнша онлайн дөретиўшилик таңлаўында қатнасың ҳәм сыйлыққа ийе болың! Имканиятты қолдан бермең, бос ўақытларыңыздан үнемли пайдаланың!
«Мениң Ўатаным – мениң мақтанышым» атамасында онлайн дөретиўшилик таңлаўын өткериў тәртиби:
Таңлаўдың мақсет ҳәм ўазыйпалары:
Студентлердиң интеллектуал потенциалын, руўхый, әдеп-икрамлылық мәдениятын ҳәм Ўатанпәрўарлық сезимлерин раўажландырыўға жәрдем беретуғын орталықты жаратыўдан ибарат. Сондай-ақ, ҳәр тәреплеме раўажланған ҳәм жуўапкершиликли шахсты қәлиплестириў идеясын алға сүриў болып табылады.
Таңлаў төмендеги 4 номинация бойынша өткериледи ҳәм ҳәр бир номинация қатнасыўшылары өз алдына баҳаланады:
1–НОМИНАЦИЯСЫ: «Ең жақсы қосық» бойынша:
Бунда қатнасыўшы «Мениң Ўатаным – мениң мактанышым» деген темада қосық жазыўлары тийис;
«Ең жақсы қосық» номинациясы төмендеги критерияларда (улыўма 25 балл) баҳаланады;
- Дөретилген қосықтың идеясының жоқарылығы ҳәм көркем мазмунының тереңлиги– 5 балл;
- Көркемлиги (көркем сүўретлеў қураллары ҳәм усылларын қолланыў өзгешелиги, қосық қурылысындағы шеберлиги) – 5 балл;
- Өзине тән дөретиўшилик жолы– 5 балл;
- Қосық текстиниң стилистикалық ҳәм грамматикалық жақтан дурыс жазылыўы– 5 балл;
- Көркем оқыў шеберлиги (студенттиң өзи дөреткен қосығын тәсирли оқыў шеберлиги) – 5 балл;
Таңлаўға усыныс етилген дөретиўшилик жумыслар (өзбек латынша, қарақалпақ латынша, рус кирилша, тиллеринде) жазыўларында қабыл етиледи.
Дөретилген қосықларды онлайн тапсырыў, Word та жазылған электрон ҳәм студенттиң өзи дөреткен қосығын тәсирли етип оқып түсирилген видео көриниси.
2-НОМИНАЦИЯСЫ: «Ең жақсы эссе» бойынша:
Бунда қатнасыўшы «Мениң Ўатаным – мениң мақтанышым!» деген темада эссе жазыўлары керек.
Эссе бул қандай да бир ўақыя яки мәселе бойынша индивидуал көз-қараслар, ой пикир ҳәм жуўмақларды өзинде сүўретлеўши киши көлемдеги еркин позицияға ийе болған шахстын ишки дүньясын ашып бериўши әдебий шығарма. Эссе еркин дөретиўшиликти аңлатады.
«Ең жақсы эссе» номинациясы төмендеги критерияларда баҳаланады. Жәми: 60 балл.
- Автордың эссесиниң тема менен байланыслылығы. 5 балл
- Эссениң көширме емеслиги ямаса ҳақыйқыйлығы. 5 балл
- Автордың өз позициясына, еркин пикирине ийе екенлиги. 5 балл
- Сөзлердиң грамматикалық байланысы ҳәм стильлик жақтан дурыс қолланылыўы. 5 балл
- Ўақыялардың избе-изликте өзара байланысы. 5 балл
- Эмоционаллық қатнастың өзине тән тәреплерин ашып бериўи. 5 балл
- Алды бар болған стеоратиплерден шығыў шеберлиги яки стантдарт емес пикирлеў. 5 балл
- Оригинал идеяны жүзеге шығарыўы. 5 балл
- Эсседе тилдиң көркемлеў қуралларынан дурыс пайдаланғанлығы (эпитет, теңеў, метафора, аллегория, образ, символлар ҳ.т.б). 5 балл
- Эссениң логикалық избе-изликтиң сақланыўы. 5 балл
- Эссениң улыўма жазылыў шеберлиги. 5 балл
- Пикирлердиң көркем әдебий түрде берилиўи. 5 балл.
Таңлаўға усыныс етилген дөретиўшилик жумыслар (өзбек латынша, қарақалпақ латынша, рус кирилша, тиллеринде) жазыўларында компьютер Word программасында Times New Roman 14 шрифтинде, 1 интервалда, шептен 30 мм, оңнан 15 мм, жоқары төменнен 25 мм орын қалдырып жазыўы шәрт.
3-НОМИНАЦИЯСЫ: «Ўатан сағынышы» сүўретлеў өнери бойынша:
Бунда қатнасыўшы «Мениң Ўатаным– мениң мактанышым» темасында студентлер тәрепиенен (графика, акварель, гуашь) бағдарында сүўретлер салады ҳәм өзлери дөреткен жумыслары арқалы өз шеберлигин көрсетип бериўлери тийис.
Бул шәрт төмендегише (улыўма 20 балл) баҳаланады:
– Сүўрет логикасы, қатнасыўшыныӊ дүньяқарасы, пикирлеў дǝрежеси ҳǝм итибарын бир жерге жǝмлей алыў қǝсийети – 5 балл;
– Сүўреттиӊ өзине тǝн өзгешелиги, басқа сүўретлерден ажыралып турыўы – 5 балл;
– Сүўрет мазмуны, оныӊ жоқарыдағы темалар бойынша туўры келиўи, оған байланыслы болғанлығын көрсетип бериў – 5 балл;
– Теманы ашып бериўде реңлерден пайдаланғанлығы дǝрежеси ҳǝм дөретиўшилердиӊ жасына сай таӊлаўы – 5 балл;
Усыныс етилетуғын сүўретлер көлеми А3 өлшем(формат)нен киши болмаўы тийис. Бул номинацияда қǝнигелик емес факультет студентлери арасында өткериледи. Бунда таңлаў қатнасыўшылары салған сүўретлерин еки тәртипте қабыл етиледи:
1-Сүўрет салып атырған жағдайдан сапалы фото көринис;
2-Таңлаў қатнасыўшының салған сүўретин қолына алып түскен сапалы фотосы;
3-Сүўреттиң өзиниң сапалы түсирилген фотосы.
4-НОМИНАЦИЯСЫ : «Ең жақсы мақала» бойынша:
Бунда қатнасыўшы «Мениң Ўатаным – мениң мактанышым» деген темада мақала жазыўлары тийис;
«Ең жақсы мақала» номинациясы төмендеги критерияларда (улыўма 25 балл) баҳаланады;
– теманың мәнис-мазмунын толық ашып берилиўи– 5 балл;
– дөретиўшилик жумыслардың стилистикалық ҳәм грамматикалық тәрептен дурыс жазызғанлығы– 5 балл;
– теманы жартыўда әдебиятлардан пайдаланыў дәрежеси ҳәм анализлеў ҳәм еркин пикирлердиң анық билдирилгенлиги– 5 балл;
– теманы жарытыўда өзине тән дөретиўшилик тәреплерин сәўлеленгенлиги– 5 балл;
-теманы жарытыўда турмыслық мысаллардан кең пайдаланғанлығы– 5 балл;
Таңлаўға усыныс етилетуғын мақала (өзбек латынша, қарақалпақ латынша, рус кирилша, тиллеринде) жазыўларында 5 беттен кем болмаған ҳалда компьютер Word программасында Times New Roman 14 шрифтында, 1 интервалда, шептен 30 мм, оңнан 15 мм, жоқары төменнен 25 мм орын қалдырып жазылыўы шәрт.
Таңлаў жеңимпазларын анықлаў:
Бунда жоқарыдағы ҳәр бир номинация бойынша таңлаў қатнасыўшылары өз алдына баҳаланады ҳәм сыйлықланады. Сондай-ақ, таңлаўда қатнасқан студент-жаслардың жумыслары университет қәниге профессор-оқытыўшылар ҳәм де Республикамыздағы тәжирийбели тараў қәнигелер тәрепинен көрип шығылады ҳәм белгиленген тәртипте баҳаланады. Таңлаўға қатнасыўшылардың дөретиўшилик жумыслары 2020-жылдың 30-апрель күнине шекем қабыл етиледи.
Таңлаўда жеңимпаз болған студентлерди университет ректораты тәрепинен ҳәр бир номинация бойынша жеңимпазлар өз алдына төмендегише сыйлықланады ҳәм республикамыздың газета-журналлары ҳәм социаллық тармақларда жарытылады :
1-орын ушын – 400000 (төрт жүз мың сўм)
2-орын ушын – 300000 (үш жүз мың сўм)
3-орын ушын – 200000 (еки жүз мың сўм)
Еслетпе:
Таңлаў жеңимпазларын мәмлекетимизде карантин дәўири жуўмақланғаннан соң, он күн ишинде салтанатлы түрде сыйлықланады.
Мағлыўмат ушын телефон: (61) 223-59-54, (93) 920-10-09, (90) 652-00-84
Таңлаў қатнасыўшылары жоқарыдағы номинациялар бойынша өз дөретиўшилик жумысларын @qmu_manawiyat_tanlawlar мәнзилине төмендеги тәртипте жибериўлери шәрт:
Мысалы ушын: 1-номинация бойынша: «Ең жақсы қосық» ушын, Абдиразакова Патма Саламатдиновна, 1-курс Математика қәнигелиги.