#Үйде_қалыӊ ҚМУда халықаралық илимий-теориялық әнжуман онлайн форматта өткерилди

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Филология ҳәм шет тиллерди оқытыӯдың әҳмийетли мәселелери» атамасында халықаралық илимий-теориялық конференция “Zoom” платформасында онлайн форматта болып өтти.

Әнжуманды ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов ашып берди.

Ҳәммемизге белгили, бүгинги кунде республикамызда шет тиллерин оқытыў ҳәм үйрениў мәселесине айырықша итибар қаратылып келинбекте. Сырт еллер менен қарым-қатнас жасаў‚ халық хожалығының түрли тараўларында бирге ислесиўди жолға қойыў‚ республикамыздың раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўға ерисиўи, тек ғана шет тиллери бойынша қәнигелерди таярлаў емес‚ ал, түрли тараўдағы жоқары мағлыўматлы кәсип ийелериниң де шет тиллерин үйрениўин‚ билиўин талап етеди.

Бүгинги халықаралық конференция илимий-теориялық характерге ийе болып, оған Германия, Қубла Корея, Таиланд, Польша, Россия мәмлекетлеринен, сондай-ақ, Өзбекстанның дерлик барлық жоқары оқыў орынларынан 180 нен аслам мақалалар ҳәм тезислер қабылланған.

Әнжуманда инглис, немец, рус ҳәм кореец тиллери, салыстырмалы тилтаныў, аўдарма теориясы ҳәм әмелияты, әдебияттаныў ҳәм шет тиллерин оқытыўда қолланылып атырған жаӊа инновациялық технологиялар, оқытыў усылларыныӊ әҳмийетли машқалалары талқыланып, бул бойынша тийисли усыныслар ислеп шығылды.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер