Бердақ атындағы Қарақалпақ мǝмлекетлик университети, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳǝм Орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Ҳаял-қызлар қанаты», Қарақалпақстан Республикасы Мǝҳǝлле ҳǝм Шаңарақларды қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳǝм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте «Ҳаял-қызларды басым ҳǝм зорлықтан қорғаў ҳǝм гендер теңлик мǝселелери» атамасында илимий-ǝмелий конференция шөлкемлестирилди.
Конференцияға ҚМУ Ҳаял-қызлар Кенеси баслығы И.Сейтназарова модераторлық етти.
Конференцияны университет ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашты. Буннан соң тийисли мǝкеме ҳǝм шөлкемлерден қатнасқан қǝнигелер тǝрепинен «Ҳаял-қызларды басым ҳǝм зорлықтан қорғаўда мǝҳǝлле ҳǝм шаңарақ орталығы», «Билимлендириў мǝкемелериниң ҳаял-қызларды басым ҳǝм зорлықтан қорғаў бағдарындағы ўǝкилликлери», «Басым ҳǝм зорлыққа ушыраған ҳаял-кызларға қорғаныў ордерин бериў тǝртиби», «Өзбекстанда гендер теңлиги: нызамлар ҳǝм оларды ǝмелге асырыў», «Ҳаял-қызлар ҳуқықларын тǝмийинлеўдиң ҳуқықый тийкарлары жетилистирилмекте», «Мǝмлекетимизде гендер идентификациясын қǝлиплестириў ҳǝм гендер сиясатын ǝмелге асырыў», «Гендер зорлыққа ушырағын жǝбирлениўшилерди психологиялық тǝрептен қорғаў жумысларының нǝтийжелилигин арттырыў» темаларында баянатлар тыңланды.
Соңғы жылларда Президентимиз тǝрепинен ҳаял-қызлар мǝселелерине, олардың турмыс шǝраятларын жақсылаў, турмыслық машқалаларын сапластырыў, қǝбилети ҳǝм имканиятларын көрсетиў ушын қолайлы шǝраят жаратылмақта.
Шаңарақта, жǝмийетте, ǝсиресе, ҳаял-қызлардың жǝмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығы нǝтийжесинде жǝмийетлик мүнǝсибетлерде де, нызамшылықта да үлкен өзгерислер ǝмелге асырылмақта.
Мǝмлекетимиздиң раўажланыўында, жǝмийет турмысында, шаңарақлардың беккемлигинде ҳаял-қызлардың тутқан орны ҳǝм ǝҳмийети үлкен. Елимизде халықтың 50 процентин қурайтуғын ҳаял-қызлардың жǝмийетимизде жǝмийетлик-руўхый, сиясий-экономикалық, турмысымыздың барлық тараўларында айрықша мǝмлекет басқарыў ҳǝм ўǝкиллик органларында, ислеп шығарыў, исбилерменлик, фермерлик, денсаўлықты сақлаў, тǝлим, илим, мǝденият ҳǝм басқа да тараўларда нǝтийжели мийнет етип келмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7- марттағы «Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин еледе күшейтиў ҳǝм исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы ис-илǝжлар ҳаққында»ғы қарары бул бағдарда түптен бурылыс жасады. Бул қарарда ҳаял-кызлар ҳǝм еркеклер ушын тең ҳуқықлар хǝмде басым ҳǝм зорлықтан қорғаў бойынша жаңа нызамлар ислеп шығылыўы ǝҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленген еди. Белгиленген нызамлардың ислеп шығылып, додаланып, мақулланғаны қарардың орынланыўы тǝмийинленгенлигин көрсетеди.
Баянатшылар тǝрепинен мǝмлекетимизде соңғы жылларда гендер теңлигин тǝмийинлеў, ҳаял-қызлардың жǝмийетлик ҳǝм сиясий өмирдеги ролин арттырыў жумыслары бир неше бағдарларда, атап өткенде, ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, ҳаял-кызларды қорғаўдың институционал тикарларын жетилистириў, халықтың гендер теңлик ҳǝм ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳаққындағы хабардарлығын арттырыў, ҳуқықты қоллаў ǝмелиятында оларға ǝмел етилиўин тǝмийинлеў ушын жуўапкер лаўазымлы шахсларға тийисли ҳуқықый нормалар тийкарында оқытыў бойынша алып барылып атырғанлығы айрықша атап өтилди.
Өзбекстанда бир қатар нызам ҳүжжетлери, атап өткенде Президентимиздиң ҳаял-қызлар ҳуқықларын тǝмийинлеў, олардан гендер теңлиги ҳǝм ҳаял-қызларды басым ҳǝм зорлықтан қорғаў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў статусын күшейтиў ҳақкындағы пǝрман ҳǝм қарарлары қабыл етилген.
Гендер теңлигин енгизиў көз қарасынан билимлендириўдеги унамлы алға илгерилеўлерди айрықша атап өтиў тийис. Яғный, 2017-жылдан баслап көпшилик жоқары оқыў орынларында ҳǝр түрли қǝнигеликлер бойынша сыртқы бөлимлер искерлиги тикленди. Билимлендириўдиң булл формасы жас ҳаялларға бала күтими ҳǝм басқа да шаңараклық мǝжбүриятларды орынлаўға кесент етпестен жоқары мағлыўмат алыў имканиятын береди.
Бул тараўдағы нызамшылық илǝжларына тоқтайтуғын болсақ, Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳуқықларын тǝмийинлеў ҳǝм қорғаўдың ҳуқықый тийкарларын еле де жетилистириў мақсетинде 2019-жылы сентябрь айында “Ҳаял-қызларды басым ҳǝм зорлықтан қорғаў ҳақкында”ғы ҳǝм де «Ҳаял-кызлар ҳǝм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳǝмде имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамлар қабыл етилди. Нызамда Ҳаял-қызлар ҳǝм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳǝмде имканиятлар кепилликлерин тǝмийинлеўдиң тийкарғы принциплери сыпатында нызамлылық, демократизм, жынысы бойынша кемситиўге жол қойылмаслық, ашықлық, ǝшкаралық белгилеп берилген.
Нызамның қабыл етилиўи мǝмлекет басқарыўында ҳаял-қызлардың еркеклер менен тең шǝраятта қатнасыўын, ǝсиресе, басшылық лаўазымларда да ислеўи мүмкин екенлиги кеппилик береди.
Сондай ақ, нызамда ҳǝкимият ўǝкиллик органларына сайлаўларда да сиясий партиялар тǝрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳǝм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлығына талабанлар көрсетиўде ҳаял-қызлар ҳǝм еркеклердиң тең ҳуқықлылығын тǝмийинлениўи белгилеп қойылды.
Баянатларда жоқарыдағы пикирлер айрықша атап өтилип, соның менен бир қатарда жǝмийетте, ҳаял-қызлардың кемситилиўине жол қоятуғын, тийкарсыз теңсизлик нǝтийжесинде турмысында қыйыншылықлар келип шығып атырған шаңараклардың да бар екенлиги пиқирлесиў объектине айланды.
Соны атап өтиў лазым, шаңарақлық мүнǝсибетлерде, ǝсиресе, балалар тǝрбиясында ана да, ǝке де бирдей жуўапкер. Нызамда бул бойынша да еркеклер ҳǝм ҳаял-қызлар ушын тең ҳуқық ҳǝм имканиятлар кепилликлери анықлап берилген болып, олардың тең мǝжбүриятларына ийе екенлиги жазып қойылған.
Конференция пикир ҳǝм усыныслар менен даўам етти. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған барлық сораўларға жуўаплар алды.
Өткерилген илимий-амелий конференция жǝмийетимизде ҳаял-қызларды басым ҳǝм зорлықтан қорғаўда, ҳаял-кызлар ҳǝм еркеклердиң тең ҳуқықы ҳǝмде имканиятларының кепилликлерин тǝмийинлеўде, олардың шешимлерин илимий ҳǝм ǝмелий бағдарларда анықлаўда үлкен ǝҳмийетке ийе.
Инжайым Сейтназарова
ҚМУ ректорының Ҳаял-қызлар
мәселелери бойынша мәсләҳатшиси





