ӨЗБЕКСТАН  ЧЕМПИОНАТЫНДА УНИВЕРСИТЕТИМИЗ СТУДЕНТИ III ДӘРЕЖЕЛИ ДИПЛОМ МЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Усы жылы 15-18-апрель  күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың «Каратэ» WKF түри бойынша  Өзбекстан  чемпионаты өткерилди. Онда Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультети «Экология ҳәм  орталықты қорғаў» тәлим бағдары 4-курс студенти Жангазиева Улбосын қарсыласы үстинен жеңиске ерисип, III дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Улбосынды қолға киргизген табысы менен қутлықлаймыз. Әлбетте, жаслар жетискенлиги жәмәәтимиз мақтанышы есапланады.

Жалгасбай МУЙНАКБАЕВ,

Биология факультети жаслар менен ислесиў бойынша

декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер