Усы жылы 15-18-апрель күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың «Каратэ» WKF түри бойынша Өзбекстан чемпионаты өткерилди. Онда Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультети «Экология ҳәм орталықты қорғаў» тәлим бағдары 4-курс студенти Жангазиева Улбосын қарсыласы үстинен жеңиске ерисип, III дәрежели диплом менен сыйлықланды.
Улбосынды қолға киргизген табысы менен қутлықлаймыз. Әлбетте, жаслар жетискенлиги жәмәәтимиз мақтанышы есапланады.


Жалгасбай МУЙНАКБАЕВ,
Биология факультети жаслар менен ислесиў бойынша
декан орынбасары.