Витебск мәмлекетлик технологиялық университети ректоры менен ушырасыӯ болып өтти

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, техника илимлериниӊ докторы, профессор А.Реймов усы жылдыӊ 13-20-май күнлери Белоруссия Республикасында Жоқары оқыӯ орынларында сырт еллер менен бирге ислесиӯди және де кеӊейттириӯ мақсетинде рәсмий сапарда болмақта. Сапар даӯамында 14-май күни Витебск мәмлекетлик технология университети ректоры А.А.Кузнецов пенен ушырасыӯ болып өтти.

Ушырасыӯда өз-ара нәтийжели бирге ислесиӯдиӊ келешектеги бағдарлары бойынша пикир алысты ҳәм бул бағдарда келисип алынды.

  • Илимий изертлеӯлер ҳәм қоспа жойбарлар нәтийжесин университетлердиӊ  дәӯирлик басылымларында басылыӯында көмеклесиӯ;

     *  Қоспа илимий оқыӯ жойбарларын әмелге асырыӯ;

  •  Бирге ислесиӯши университетлер негизинде қосымша кәсип-өнер тәлими ҳәм тәжирийбесин асырыӯ;
  •  Студентлер ҳәм илим изертлеӯшилер ушын ислеп шығарыӯ ҳәм илимий әмелиятлардан өтиӯ;

Сапар даӯамында  бирге ислесиӯлерди жәнеде раӯажландырыӯ ушын бир қатар бағдарлар бойынша келисимлерге ерисилди. Еки тәрепте усындай өз-ара пикир алысыӯлардыӊ әҳмийетин жоқары баҳалады соныӊ менен бирге жаӊа баслама ҳәм жойбарларды әмелге асырыӯда алдыға қарай жылжыӯ тилегин билдирди.

 

 

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер