Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, техника илимлериниӊ докторы, профессор А.Реймов усы жылдыӊ 13-20-май күнлери Белоруссия Республикасында Жоқары оқыӯ орынларында сырт еллер менен бирге ислесиӯди және де кеӊейттириӯ мақсетинде рәсмий сапарда болмақта. Сапар даӯамында 14-май күни Витебск мәмлекетлик технология университети ректоры А.А.Кузнецов пенен ушырасыӯ болып өтти.
Ушырасыӯда өз-ара нәтийжели бирге ислесиӯдиӊ келешектеги бағдарлары бойынша пикир алысты ҳәм бул бағдарда келисип алынды.
- Илимий изертлеӯлер ҳәм қоспа жойбарлар нәтийжесин университетлердиӊ дәӯирлик басылымларында басылыӯында көмеклесиӯ;
* Қоспа илимий оқыӯ жойбарларын әмелге асырыӯ;
- Бирге ислесиӯши университетлер негизинде қосымша кәсип-өнер тәлими ҳәм тәжирийбесин асырыӯ;
- Студентлер ҳәм илим изертлеӯшилер ушын ислеп шығарыӯ ҳәм илимий әмелиятлардан өтиӯ;
Сапар даӯамында бирге ислесиӯлерди жәнеде раӯажландырыӯ ушын бир қатар бағдарлар бойынша келисимлерге ерисилди. Еки тәрепте усындай өз-ара пикир алысыӯлардыӊ әҳмийетин жоқары баҳалады соныӊ менен бирге жаӊа баслама ҳәм жойбарларды әмелге асырыӯда алдыға қарай жылжыӯ тилегин билдирди.




ҚМУ Баспасөз хызмети.