Жеңимпазлар сыйлықланды

Өткен күни ҚМУдың Қарақалпақ филологияси факультетинде 1-курс топар сәрдарлары арасында «Ең үлгили топар сәрдары» номинацияси бойынша таңлаў болып өтти. Жарыс шәртлери төмендегише:

1-Салемнама

2-Сораў-жуўап

3-Ўақыя(қәлеген жағдайдан топарын алып шығыў)

4-Қызықлы ойын

Жарысқа 1-курстың сегиз топар сәрдары қатнасты.

Жарыс жуўмағында 1-орынды 1-е топары сәрдары Бекмуратова Гулмира, 2-орынды 1-а қарақалпақ филологиясы топары сәрдары Пирниязов Исламбек, 3-орынды 1-а журналистика топары сәрдары Зияев Султанбек  ийеледи. Жеңимпазлар диплом ҳәм арнаўлы саўғалар менен сыйлықланды.

Гулзада Есбергенова,

Қарақалпақ филологиясы факультетиниң 1-курс студенти.

 

Пайдалы дереклер