Химия-технология факультети 3с жеңил санаат топарында инглис тили пәнинен «Welcome spring, welcome navruz, welcome to Muynak» дәстүрий емес көргизбели сабақ болып өтти.
Сабақты филология илимлериниң кандидаты, доцент М.Жоллыбекова алып барды.
Сабақ музыкалы композиция, хәр түрли интерактив ойынлар менен мультимедиа аннимациялық көринислерде жүдә тәсирли өтти. Сабаққа декан орынбасары, инглис тили пәни оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
М.Жоллыбекованың көп жыллық тәжирийбеси нәтийжесинде хәр бир сабақ ашық сабақ дәрежесинде болып өтти. Сол жерде қатнасқан 2-б ТМЖ топар студентлери өзлериниң Аралға барғанда тəсирленип жазған Арал хаққындағы қосығы менен жыйналғанлардың кеўиллерин көтерди.
Ө. Бектурсынов,
Химия-технология факультетиниң 2-курс студенти.