Мәмлекетимиз тәрепинен Арал теңизи экологиялық машқаласын шешиў, бул тәбийғый апатшылықтың Аралбойында жасаўшы халықлардың денсаўлығына, республикамыздың экономикасы ҳәм аўыл-хожалығына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша әмелге асырылып атырған ис-илажларды илимий-әмелий тәрептен қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан миллий университети Қытай Халық Республикасының Тәбийғый ресурслар ҳәм География илим-изертлеў институты, Қытай Илимлер Академиясының Орайлық Азия экологиясы ҳәм қоршаған орталық илим-изертлеў орайы, Тибет тегислигин үйрениў илим-изертлеў институтлары менен биргеликте 2019-жылдың 16-17-апрель күнлери Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университетинде «Арал теңизи бассейни экосистемасы ҳәм суў ресурслары» атамасында халықаралық илимий-әмелий семинар шөлкемлестирди.
Бизге мәлим, 1960-жылға шекем Арал теңизи дүньядағы ең үлкен суў бассейнлеринен бири болған. Көлеми 1083 км.куб, узынлығы 426 км, кеңлиги 284 км, максимал тереңлиги 68 метр болған. Теңиз климатты регуляция қылыўшы ўазыйпасын атқарған ҳәм пүткил региондағы ҳаўа-райының кескин өзгериўин жумсартып турған. Бул халық турмыс шараятын, аўыл-хожалығы өндирисин ҳәм экологиялық шараятқа унамлы тәсир еткен. Соның менен бир қатарда, теңиздиң жыллық балық муғдары 40000 тонна болып, халық ушын азық-аўқат өниминиң тийкарғы дәреги есапланған.
Бүгинги күни, теңиздиң қайтыўы менен Аралбойы регионында өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы генофондының ярымынан көбиси жоғалды. 11 түрдеги балықлар, 12 түрдеги сүт емизиўши, 26 түрдеги қуслар ҳәм 11 түрдеги өсимликлер дүньясы жоғалып кеткен.
Бүгин дүнья жәмийетшилигинде Қарақалпақстан Арал теңизиниң қурып, экологиялық машқалалар жүз берген үлкеге айланды деген түсиник бар. Лекин, Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев Арал теңизи бойындағы халықтың экологиялық машқаласы тек бул жердиң ғана емес, ал, пүткил дүньяның ең үлкен машқаласы екенлигин БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында көрсетип берди. Сондай-ақ, БМШтың Нью-Йорк қаласындағы резиденциясында өткен жылдың 28-ноябрь күни Арал бойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды дүзилди.
– Қарақалпақстанға биринши мәрте келиўим. Хақыйқатында да, Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде пайда болып атырған экологиялық машқалалар тек ғана усы регионда жасап атырған халықлардың емес, бәлким, пүткил дүнья халқының машқаласы есапланады. Бүгинги өткерилип атырған илажлар келешекте мамлекетлеримиз ортасында илимий өз ара бирге ислесиўдиң басламасы болып, келешекте тараў илимпазлары биргеликте илимий изленислерди биргеликте алып барып, усы аймақатағы экологиялық машқалалардың шешимин табыўына белгили дәрежеде өз нәтийжесин беретуғынлығына исенемен,-дейди Қытай илимлер академиясы Географиялық илимлер ҳәм тәбийғый ресурсларды үйрениў институтының профессоры Й.Лоу.
Ҳақыйқатында да, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилип атырған халықаралық илимий-әмелий семинарға қатнасқан Қазақстан, Канада, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынларынан, илим-изертлеў орайларынан келген алымлар ҳәм илимий излениўшилер Арал бойы регионы машқаласын илимий-әмелий тәрептен шешиўде, Өзбекстан ҳәм Қытай мәмлекетлериниң илимий изертлеў жумыслары бойынша өз ара байланыслардың раўажланыўында өз нәтийжесин беретуғынына исенемиз.
Семинар даўам етпекте…
Баспасөз хызмети.
