Алдағы режелер ҳаққында сәўбетлести

Усы жылдың 22-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде шөлкемлестирилген «Глобалласыў процессинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференциясына Қырғызстан Республикасы Ош мәмлекетлик университетинен де бир қатар мийманлар қатнасқан еди.

Бүгин конференцияға қатнасқан Ош мәмлекетлик университети делегациясының ўәкили, доцент З.Маматжанова Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының қабыллаўында болды.

Ушырасыў даўамында университетлер арасындағы бирге ислесиўдиң келешектеги ис-режелери ҳаққында сәўбетлесип, тийисли қәнигеликлер бойынша академиялық мобиллик, докторантура, оқытыўшылардың тәжирийбе алмасыўы, биргеликте илимий конференциялар шөлкемлестириў ҳәм басқа да мәселелер бойынша өз ара сәўбетлести.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер