Жақында Нөкис қаласында жайласқан Жаслар орайында Өзбекстан Жаслар аўқамында тәрепинен жоқары оқыў орынларында жәмийетлик ислерде ҳәм аўқамның басланғыш шөлкеминде белсендилик көрсеткен ҳәм оқыў процессинде өзлестириў дәрежеси 86% тен жоқары болған студентлер ушын шәртнама пулының 35 % төлеп берилгенлиги мүнәсибети менен илаж өткерилди.
Онда усы жеңилликке ийе болған университетимизде ҳәр қыйлы жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған 28 студенттиң (9 магистратура, 19 бакалавр тәлим бағдары) бар екенлиги бизди қуўандырады.
Илажда 35% жеңилликке ийе болған студент-жаслар Өзбекстан Жаслар аўқамы тәрепинен сертификат пенен сыйлықланды.
Әлбетте, университетимизде билим алып атырған жасларымыздың келешекте мәмлекетимиздиң раўажланыўында өз үлесин қосыўына исенемиз.
С.Сердалиев,
ҚМУ магистранты.

