Усы жылдың 23-апрель сәнесинде Инглис тили хам әдебияты кафедрасы ассистент-оқытыўшысы Алия Толеубаеваның басшылығында, «Китапқумарлар» дөгерегинде ушырасыў болып өтти.
Бир ай алдын тапсырылған инглис әдебиятының белгили ўәкили Томас Хардийдиң «Far from the Madding Crowd» китабы китапқумарлардың қызғын талқылаўына алынды.
Илаж даўамында клуб жетекшилери тәрепинен презентация ислери, сораў-жуўаплар ҳәм түрли қызықлы ойынлар китапқумар студентлердиң белсене қатнасында өткерилди.
Шөлкемлестирилген сораў-жуўап ҳәм додалаўлар тапсырылған китаптың инсанның өмири, оның бахытлы турмысы ушын әҳмийетли есапланған мухаббат, дослық, садықлық ҳәм пидайылық сыяқлы әжайып сезимлердиң мәнис-мазмунын жане де кеңирек ашып бере алды.
Илаж соңында китаптың әмелий, яғный өмирлик әҳмийети хаққында қатнасыўшылар өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Ю.Мамутова,
Кафедра оқытыўшысы.
