Қарақалпақ филологиясы факультети ҳәм әдебияттаныў қәнигелиги 1-курс магистрантлары шөлкемлестириўинде Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтыӊ 90 жыллық юбилейине бағышланып «Енди Ашық Аяз болып кетермен» атамасында 22-26-апрель күнлери әдебий ҳәптелик болып өтти.
Ҳәптелик даўамында «И.Юсупов-қәлбимизде» атамасында шығармалар танлаўы, «Шайыр шығармалары – илҳам сағасы» атамасында ҳәўескер сүўретшилер ҳәм жас қалемкешлердиӊ «Поэзия султаны» атамасында таӊлаўы болып өтти.
Ҳәптелик соӊында Бердақ миллий музейинде «Енди Ашық Аяз болып кетермен» атамасында әдебий кеше болып, кешеде ҳәпте даўамында өткерилген таӊлаўлар бойынша жеӊимпазлар анықланып, олар ҳүрмет жарлығы ҳәм алғыснамалар менен сыйлықланды.
Кешеде И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернаты оқытыўшысы ҳәм «Аязий» телекөрсетиўиниӊ баслаўшысы А.Өтениязов мийманда болды.
Ҳәпте даўамында көтериӊки руўхта өткерилген «Енди Ашық Аяз болып кетермен» әдебий кешеси концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Алтынай Тилегенова,
ҚМУ магистранты.
